Жақында Ҳиндстанда белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Ҳинд халқының уллы перзенти Маҳатма Гандидиң усы жылы белгиленетуғын 150 жыллығы мүнәсибети менен «Мен аңлап жеткен Ганди» атамасында китап-антологиясы инглис тилинде басып шығарылды.

Ҳиндстан Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен таярланған усы салмақлы китапқа белгили мәмлекет басшылары, сиясий ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, жазыўшылар ҳәм илимпазлардың Маҳатма Ганди ҳаққындағы пикирлери жәмленген.

Топламда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ҳиндстан азатлығы ҳәм келешегиниң тийкарын салыўшысы  болған Маҳатма Гандидиң өмир жолы, сиясий жумысы, жоқары инсаныйлық пазыйлетлери ҳаққында ҳүрмет пенен билдирилген пикирлерге кеңнен орын берилген.

Бизге белгили, Президентимиз Ҳиндстанның Бас министри Нарендра Модидиң усынысына бола 2018-жыл 30-сентябрь – 1-октябрь күнлери мәмлекетлик сапары, 2019-жыл 17-18-январь күнлери «Ҳәўижли Гужарат – 2019» халықаралық инвестициялық саммитиниң мүнәсибети менен Ҳиндстанға барған еди. Жоқары дәрежедеги бул сапар етиўлердиң нәтийжесинде мәмлекетлеримиз арасында өз-ара саўда-экономикалық, социаллық-мәдений бағдарлардағы бирге ислесиў байланыслары барған сайын раўажланып бармақта.

Сапар етиў шеңберинде Маҳатма Гандидиң «Мениң өмирим» атамасындағы белгили китабы Ташкентте мәмлекетимиз басшысының кирис сөзи менен өзбек тилинде басып шығарылған еди.

Президентимиздиң «Мен аңлап жеткен Ганди» китап-антологиясына киргизилген «Уллы қәлб ийесине ҳүрмет» атлы мақаласында, соның ишинде, мынадай пикирлер билдириледи:

 

 

«Маҳатма Ганди» ең дәслеп уллы ойшыл ҳәм гуманист, ҳинд халқының көсеми еди. Мине усындай уллы пазыйлетлери, өз халқына болған үлкен муҳаббаты ҳәм садықлығы себепли ол Ҳиндстанның қан төкпестен миллий ғәрезсизликти қолға киргизиўи жолында шексиз пидәкерлик көрсетти. Оның «аҳимса», яғный, жаўызлыққа қарсы күш ислетпеў ҳаққындағы тәлийматы ағартыўшы дүнья халқы арасында оғада белгили болып есапланады. 

Ганди тек ғана өзиниң елинде емес, ал пүткил жер жүзинде жаўызлық ҳәм күш көрсетиўди сапластырыўға мүнәсип үлес қосты. 2007-жыл 15-июньде Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы тәрепинен 2-октябрь «Халықаралық жаўызлыққа қарсы гүресиў күни» деп жәрияланып, Ганди тәлийматы жәҳән көлеминде тән алынды.

Маҳатма Ганди әдиллик ҳәм ҳақыйқатты жаўызлық ҳәм езиўшиликке қарсы қойып, инсан өзиниң беккем ерк-ықрары менен қаншелли шексиз күш ҳәм имканиятларға ийе екенин дәлийллейди».

Ҳақыйқатында да, ҳинд халқының уллы ўәкили өзиниң өмири ҳәм сиясий жумысы даўамында қанша  сынақ ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, ол исеними ҳәм таңлаған жолынан артқа қайтпады. Өз халқын, оның кеңпейил пазыйлетлерине, Ҳиндстанның жарқын келешегине болған исеними оған аўыр ҳәм қыйын жағдайларда да күш-қуўат бағышлады.

«Маҳатма Ганди түп мәнисинде халықтың жолбасшысы еди, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы. – Ол жаслығынан баслап өмириниң ақырына шекем халықтың хызметинде болыўды пүткил өмириниң мәнис-мазмуны, өзи ушын жоқары мәртебе деп билди. Өзи төменги классқа тийисли болғаны ушын ўатанының арзыў-нийетлери, ғам-қайғылары оған оғада жақын еди. Шексиз Ҳиндстанды бастан-аяқ пияда айланып шыққан Маҳатма Ганди миллионлаған адамлар, бәринен бурын, мүтәж ҳәм кәмбағаллар, жетим-жесирлер және майыплардың дәртине дәрман болыўға умтылды. Тек ғана өз ели еме, ал жәҳән көлеминде үлкен абырай-мәртебе ҳәм ҳүрметке ийе болғанына қарамастан, бәрқулла кишипейил болып өмир сүрди».

Усы мазмунлы китап жәҳән тарийхынан мүнәсип орын ийелеген уллы ойшылдың ибратлы өмирин ҳәм жумысын әдил түрде сәўлелендириў менен бир қатарда, оқыўшыларды ҳинд халқы, оның ески тарийхы ҳәм бай мәденияты менен жақыннан таныстырыўға хызмет етеди.

ӨзА