Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегаралық бажыхана посты арқалы Қазақстан Республикасынан Өзбекстанға пияда кирип келген пуқара А.Б. бажыхана хызметкерлери тәрепинен тексериўден өткерилди.

Бажыхана тексериўи нәтийжесинде пуқара менен аўызеки сораўда айтылмаған ҳәм жолаўшының бажыхана декларациясында көрсетилмеген улыўма 100 дана «Баклосан» психотроп заты, сондай-ақ, ҳәр бир таблетка қурамында 20 мг «Фенобарбитал» психотроп заты болған 120 дана «Андипал» дәрилик заты нызамсыз түрде Россия Федерациясынан елимизге алып киятырғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бажыхана уйымлары тәрепинен усы жағдай бойынша сорастырыў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги