«Еркин Қарақалпақстан» ҳәм «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, белгили шайыр ҳәм аўдармашы Кеңесбай Реймовтың бир дүркин қосықлары Қазақстан Республикасындағы «Жети журт» республикалық газетасында жәрияланды.

«Бесқала жырлары» атамасындағы арнаўлы бетте Кеңесбай Реймовтың қосықлары қазақ тилиндеги аўдармасы менен «Қусалық», «Оқылмай қалған жыр», «Ақын қәбири қайда», «Отыз жетинши жыл сарыны», «Алехинниң монологы», «Гамлеттик саўал немес Высоцкийдиң соңғы түси», «Тилек», «Жанартаўлар», «Палестина» атамалары менен жәрияланған.

Қосықларды қазақ тилине Қалбай Әдил аўдармалаған.

«Түби бир, тили жақын қарақалпақ шайырының дөретпелери менен Бесқала қазақларын таныстырыўды мақул көрдик», – деп жазылған газетада.

Халықларымыз арасындағы дослық қатнасықларының еле де раўажланыўында әдебий байланыслардың орны айрықша.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги