«Kun.uz» сайты 2020-жыл 1-февральдан баслап күтилип атырған айырым өзгерислер бойынша материал жәриялады.

 

«Төлемлер ҳәм төлеў системалары ҳаққында»ғы нызам күшке киреди

 

Нызамшылық палатасы тәрепинен 2019-жыл 19-сентябрьде қабыл етилген, Сенат тәрепинен 2019-жыл 11-октябрьде мақулланған ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2019-жыл ноябрьде тастыйықланған «Төлемлер ҳәм төлеў системалары ҳаққында»ғы нызам усы жылдың 1-февраль күнинен күшке киреди.

Бул нызам төлеў хызметлерин жеткерип беретуғын ҳәм төлеў хызметлеринен пайдаланатуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплер арасында төлемлерди әмелге асырыў және хызметлер көрсетиў даўамында жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салады.

Нызамның 63-статьясында ол рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап үш ай мүддет өткеннен соң күшке кириўи белгиленген еди.

 

Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар және напақалар муғдары көбейеди

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамының орынлаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2020-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдары 1,07 есеге көбейтиледи.

 

2020-жыл 1-февральдан баслап республика аймағында:

– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 679 330 сум;

– пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 238 610 сум;

– жасқа байланыслы ең кем пенсиялар – айына 466 680 сум;

– балалықтан майыплығы болғанларға берилетуғын напақа – айына 466 680 сум;

– зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа – айына 286 390 сум етип белгиленеди.

 

Базалық есаплаў муғдары өзгериссиз – 223 000 сум муғдарында қалдырылады.

 

Усы қарарға муўапық, 14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа, кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем және Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем муғдарлары белгиленди.

14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, соның ишинде:

– бир балалы шаңарақларға – 131 000 сум;

– еки балалы шаңарақларға – 217 000 сум;

– үш ҳәм оннан аслам балалы шаңарақларға – 304 000 сум.

Бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа – 434 000 сум;

Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем – 326 000 сумнан 653 000 сумға шекем;

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем – 434 000 сумнан 1 085 000 сумға шекем.

Мағлыўмат ушын, көрсетилген напақа ҳәм материаллық жәрдем муғдарлары 2020-жыл 1-февральға шекем тайынланған напақа ҳәм материаллық жәрдемди төлеўге де қолланылады.

 

Мийнетке ҳақы төлеў бойынша жаңа тарифлик сеткалар әмелге киргизиледи

 

Президенттиң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар, напақалар және кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын материаллық жәрдем муғдарын көбейтиў ҳаққындағы қарарына муўапық, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бюджет мәкеме ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң жаңаланған тарифлик сеткалар муғдарларын тастыйықлады. Усы жаңаланған тарифлик сетка усы жылдың 1-февраль күнинен күшке киретуғынлығы белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.