Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Қанлыкөл районы ҳәкимлигиниң шөлкемлестириўинде 29-январь күни ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм журналистлер, блогерлер ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.

Районға кирип барыўдан-ақ ҳәр бир тараўдағы жаңаланыўлар, жаңа қурылыс объектлери көзге тасланып турады.

Район ҳәкимлиги мәжилислер залында болып өткен баспасөз конференциясында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери район орайын Өзбекстанның ең сулыў қалаларының бири Үргенишке кирип келгендей болғанлығын атап өтти.

Медиа-тур даўамында райондағы бир қатар жаңадан қурып питкерилген объектлерде болдық.

 

Районлық медициналық бирлеспеси жанындағы 3 этажлы көп тармақлы поликлиниканың жаңа имараты қурып питкерилген. Бул жерде итибарымызды тартқан тийкарғы нәрсе – мүрәжат етиўшилердиң электрон дизими ислеп шығылғанлығы ҳәм шыпакерлердиң қабыллаўына үйинде отырып, интернет арқалы нәўбетке жазылыў имканиятының жаратылғанлығы болды. Электрон нәўбетке күнине 200 ге шамалас адамлардан мүрәжатлар болып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Сметалық баҳасы 2 млрд 500 млн сумлық имараттың қурылыс жумыслары өткен жылдың март айында басланған болса, июнь айында жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде халықтың денсаўлығы ушын барлық шараятлар жаратылған – дәрихана, ең соңғы маркадағы заманагөй медициналық үскенелерде өз тараўының жетик кадрлары жумыс ислемекте.

 

Районның дыққатқа ылайықлы орынларының бири – «Бахытлы» балалар дем алыў орайы. Бул жерде «Китап» монументи, «Билимсиз инсанның жәмийеттеги орны» естелиги ҳәм үлкен шахмат майданшасы орнатылған болып, райондағы үлкен байрам тамашалары усы жерде болып өтеди.

 

Район орайында жайласқан мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты өткен жылы қурып питкерилген болып, сметалық баҳасы 2 млрд 820 миллион сумды қурайды. Жаңа имарат 2 этаждан ибарат болып, бул жерде пуқаралар ҳәм мүрәжат етиўшилер ушын барлық шараятлар жаратылған. Усы күнге шекем орай тәрепинен пуқараларға 22 400 ден аслам хызметлер көрсетилген. Орайға күнине 100 ден аслам адам мүрәжат етип, оларға 103 түрли хызметлер көрсетилмекте.

 

Кейинги мәнзил райондағы 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси болды. Бул балалар бақшасында өткен жылы ири реконструкция жумыслары алып барылған болып, реконструкцияға шекем бул бақша 120 балаға арналған болса, реконструкциядан соң 260 орынлық етилип, заманагөй түске ендирилди. Балалар ушын барлық шараятлар жаратылғанлығының гүўасы болдық.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.