Қытайдың Уҳан қаласында болып өтиўи тийис болған жазғы олимпиадаға сайлап алыў жарысы бийкар етилди. Бул ҳаққында xs.uz хабар бермекте.

Бүгин, 22-январь күни Олимпиаданың сайлап алыў бойынша шөлкемлестириў комитети Азия ҳәм Океания регионының сайлап алыў жарысында қатнасыў бойынша аккредитациядан өткен бокс федерацияларына жарыс бийкар етилгени ҳаққында хат жиберген.

«Қытайда жаңа коронавирус келтирип шығарған пневмония себепли биз сизиң қәўипсизлигиңиз ҳәм саламатлығыңызды ойлап бул жарысты бийкар етиўге қарар еттик» – делинеди хабарда.

Сайлап алыў жарысының жаңа мәнзили ҳәм муддети бойынша Олимпиаданың сайлап алыў беллесиўине жуўапкер шөлкемлер тәрепинен кейинирек жәрияланатуғыны айтып өтилген.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң берген хабарына бола, 22-январь ҳалатына бола, усы кеселлик нәтийжесинде 9 адам қайтыс болған, 440 адам кеселлике шалынғаны дизимге алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги