Барлық жобаларды әмелге асырыў есабынан жумыссызлықты 7% ке кемейтип, жылына кеминде 500 мың жумыс орнын жаратыў, халықтың дәраматларын 2 есеге көбейтиў жаңа ҳүкимет алдындағы әҳмийетли ўазыйпа болады, – деди Шавкат Мирзиёев парламент палаталарының қоспа мәжилисинде.

Социаллық тараўды раўажландырыў, орташа өмир сүриў даўамлылығын 76 жасқа жеткериў, халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жол инфраструктурасын жақсылаў, жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаўдың анық механизмлерин енгизиў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.