Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде Президент Шавкат Мирзиёев:

«Ҳәзирги ўақытта ең үлкен, аўыр мәселелер жанармай-энергетика тараўында. Сизлерге расын айтпақшыман, биз жанармай-энергетикада еле дәслепки қәдемлеримизди деәмелге асыра алмай атырмыз. Дурыс, стратегия қабылладық, бирақ оларды әмелге асырыў бойынша, коррупцияны жоқ етиў бойынша, есаплаўларды өз орнына қойыў бойынша жумысларымыз улыўма қанаатландырарлы емес, десек әдил түрде айтқан боламыз. Коррупция, парахорлық оғада көп, сол себепли депутатлар да, сенаторлар да, ҳәкимлер де жанармай-энергетика тараўына оғада үлкен итибар бериўи керек. Неге десеңиз, жанармай-энергетиканы өз орнына қоймағанша санаатты, экономиканы раўажландырыў оғада аўыр болады. Тилекке қарсы, жыллар даўамында бул тараўлар коррупция арқалы уймыққа түсип қалған тараўлар деп айтсақ дурыс болады», – деп айтып өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.