Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде Президент Шавкат Мирзиёев Абдулла Арипов кандидатурасын Өзбекстан Республикасының Бас министри лаўазымына усынды.

Депутатлар ҳәм сенаторлар Абдулла Арипов кандидатурасын тастыйықлады.

Хабарыңыз бар, Конституцияның 98-статьясына муўапық, бас министр кандидатурасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп депутатлық орынларды ийелеген сиясий партия тәрепинен Өзбекстан Президентине көрип шығыў ушын усыныс етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.