Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Россия Федерациясының Томск областында жүзеге келген өрт бойынша дәслепки мағлыўматларды жәриялады.

2020-жылдың 21-январь күни Москва ўақты менен саат 00:05 те Россия Федерациясы Томск областы, Асино районы, Причулмск посёлкасы, Свобода көшесиндеги бир этажлы ағаштан қурылған 1/3-жайда өрт жүзеге келген.

Өрт ақыбетинде, жайдың 208 квадрат метр майданындағы төбеси жанып, қулаған. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, усы жайда 12 Өзбекстан пуқарасы жасаған. Олардың 10 ы ўақыя жүз берген орында қайтыс болған ҳәм 2 пуқараға медициналық жәрдем көрсетилип, жуўап берилген. Олар «ГРИНВУД» ағаш таярлаў компаниясының хызметкерлери болған.

Қайтыс болған пуқаралар Томск областы Асино қаласындағы районлық емлеўхананың моргында сақланбақта.

Жағдай бойынша ўақыя орнында ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги және аймақлық консуллық хызметлери менен биргеликте қайтыс болғанлардың ким екенлигин анықлаў, оларды ўатанына алып келиў бойынша шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.