Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының 2019-жыл 14-сентябрьдеги «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын  буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қоспа қарарының мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке, атап айтқанда, жасларға жеткериўге бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, 2020-жылдың 1-январынан баслап күшке кирген қоспа қарар менен «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң ықшам ҳәм тәртипли өткерилиўин тәмийинлеў бойынша» илажлар бағдарламасы тастыйықланған болып, оған бола, жаслар арасында усы мәселе бойынша ушырасыўлар, илажлар, дөгерек сәўбетлери, оқыў шынығыўлары, ашық сабақлар шөлкемлестириў белгиленген. Орынларда оқыўшы, студент ҳәм жәмлеспеген жаслар менен шаңарақтың муқаддеслиги, тойлардың, шаңарақлық салтанатлардың, мереке ҳәм мәресимлердиң ықшам ҳәм тәртипли өткерилиўи бойынша, мәресимлердеги «ғалабалық мәденият»тың унамсыз ақыбетлерин көрсетип беретуғын ушырасыўлар өткерилмекте.

 

 

Университетте өткерилген илажда Қарақалпақстан Мусылманлар қазылығы қазысының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Т.Досымбетова, Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары, ҳаял-қызлар комитети баслығы Г.Абдуллаева ҳәм басқалар  шығып сөйлеп, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының «Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын  буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қоспа қарарының мазмун-мәнисине ҳәм оның әҳмийетине тоқтап өтти.

Тойлар ҳәм басқа мәресимлерде артықша дәбдебепазлық, ким озарлық иллетлери, ысырапгершиликке жол қойыў сыяқлы жағдайлар даўам етип атырғаны машқала болып қалмақта. Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын және де жетилистириў заманның талабы болып қалды. Усы себепли Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кенгашларының Той-мерекелеримизди миллий салт-дәстүрлеримизге сай ықшамлы, ысырапгершиликсиз өткериўге қаратылған қоспа қарары қабыл етилди. Жасларымыз ертеңги келешек ийелери болғанлығы себепли қоспа қарардың мазмун-мәнисин олардың санасына жеткериў мақсетке муўапық болады.

 

 

– Тойлар, мәресимлер халқымыздың әййемнен киятырған салт-дәстүрлери болып, оларды ықшамластырыў, жасларымыз арасында үрп-әдетке айланып баратырған «ғалаба мәденият»сыз сап ҳалында кейинги әўладларға жеткериў баслы мақсетимизге айланыўы керек, – дейди Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курс студенти Н.Абдуллаева. – Бул бағдардағы жумысларды және де жеделлестириў, қоспа қарардың мәнисин жаслардың санасына жеткериў мақсетинде университетимизде сәўбетлесиў кешеси болып өтти. Онда ишки ислер министрлигинен, ПҲАЖ уйымы, жаслар аўқамы, «Нураний» қорының  жуўапкерли хызметкерлери қатнасып, өзлериниң пикирлерин, мәсләҳәтлерин берди. Илажда студентлер өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Бундай илажлар республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде профессор-оқытыўшыларды және жасларды қамтып алған ҳалда өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.