Ташкент қаласында 20-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Мәжилисте мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басшылары, елимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов мәжилисти ашты.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни жаңлады.

Мәжилисте Олий Мажлис Сенатын қәлиплестириў ашық-айдынлық ҳәм транспарентлик сыяқлы демократиялық принциплер тийкарында миллий сайлаў нызамшылығы талапларына муўапық әмелге асырылғаны атап өтилди.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатларының Сенат ағзаларын сайлаў бойынша қоспа мәжилислеринде 84 сенатор сайланды. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 13 Сенат ағзасы тайынланды.

Сенаттың жаңа қурамы илим, көркем өнер, әдебият, өндирис тараўында, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыстың басқа да тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған және айрықша хызмет көрсеткен ең  абырайлы пуқаралардан қәлиплестирилгени атап өтилди.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа қурамдағы Сенат ағзаларын жоқары мәртебеге ийе болғаны менен қызғын қутлықлады.

Президент мәмлекетимиз парламентиниң жоқары палатасы алдында турған мәселелер туўралы сөз етип, Сенат өзиниң жумыс режесин аймақлық машқалалардан келип шығып қәлиплестириўи, жергиликли Кеңеслер менен бирге ислесиўди, олардың жумысына әмелий ҳәм методикалық жәрдем көрсетиў бағдарындағы жумысларды және де күшейтиўи зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекетлик бюджет жойбарын көрип шығыў ҳәм оның орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ҳәкимлердиң елимиздеги кең көлемли реформаларды енгизиў бойынша есабатларын турақлы түрде додалап барыў, жаслар ҳәм билимлендириў мәселелери сенаторлардың бәрқулла итибарында болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, Олий Мажлис жоқары палатасы мәмлекетимизде коррупцияға ҳәм улыўма жынаятшылыққа қарсы кескин гүресиў орталығын жаратыў және ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўда, мәмлекетлик уйымлардың жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин арттырыў бағдарындағы жумыслары үстинен қадағалаўды күшейтиўде белсенди болыўы кереклиги атап өтилди. Өзбекстанның абырай-мәртебесин арттырыў, халықаралық байланысларды раўажландырыў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў да Сенаттың әҳмийетли ўазыйпасы болып қалады.

Мәжилис қатнасыўшылары Олий Мажлис жоқары палатасы жумысын шөлкемслестириўге байланыслы мәселелерди көрип шықты.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз Конституциясының 93-статьясына муўапық, Олий Мажлис Сенатының Баслығы ҳәм оның орынбасарлары лаўазымларына талабанларды усынды.

Жоқары палата ағзалары жасырын даўыс бериў жолы менен Олий Мажлис Сенатының Баслығы лаўазымына Танзила Норбоеваны сайлады.

Сенат Баслығының биринши орынбасары лаўазымына жасырын даўыс бериў жолы менен Содиқ Сафоев сайланды.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 86-статьясына муўапық Сенат Баслығының орынбасарларынан бири Қарақалпақстан Республикасы ўәкили болады. Усы нормаға тийкарланып Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына жасырын даўыс бериў жолы менен Муса Ерниязов сайланды.

Сенат Баслығының орынбасары лаўазымына жасырын  даўыс бериў жолы менен Зайниддин Низомхўжаев сайланды.

Мәжилисте сенатаорлар тәрепинен халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери, бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери, суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери, ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери, жаслар, мәденият ҳәм спорт мәселелери, аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экология комитетлери, сондай-ақ, Регламент ҳәм әдеплилик комиссиясы шөлкемлестирилди.

 

 

Ҳәр бир комитет ҳәм комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары ҳәм ағзалары сайланды.

Додаланған барлық мәселелер бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Бас министрдиң Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Олий Мажлис алдында өз ўәкилликлерин алып таслаўы ҳаққындағы арзасы оқып еситтирилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши мәжилиси жуўмақланды.

 

ӨзА