Ташкентте 20-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының биринши мәжилиси болып өтти.

Онда ҳүкимет ағзалары, орайлық уйымлардың басшылары, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаломов ашты.

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлады.

 

 

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Биринши мәжилистиң Ўақытша секретариаты, Есап-санақ комиссиясы ҳәм Даўысларды есаплаў электрон системасынан пайдаланыўды қадағалаўшы ўақытша топар сайлап алынды ҳәм күн тәртиби тастыйықланды. Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Нызамшылық палатасына болып өткен сайлаў жуўмақлары ҳаққында мәлимлеме берди.

Бизге белгили, мәмлекетимизде 2019-жыл 22-декабрь күни парламент сайлаўлары болып өтти. Сайлаўлар нызам талаплары тийкарында, халықаралық сайлаў стандартларына сәйкес түрде, жоқары шөлкемлескенлик пенен, сиясий партиялардың реал бәсеки шараятында өткерилди. Бул ретки сайлаўлар «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында, жаңа Сайлаў кодекси тийкарында шөлкемлестирилди.

 

 

Сайлаў кодексинде сайлаў процесиниң қатнасыўшылары, яғный сайлаўшылар, сиясий партиялар, сайлаў комиссиялары, ғалаба хабар қураллары және бақлаўшылардың ҳуқықлары ҳәм кепилликлери кеңейтилди. Заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў арқалы сайлаў процесин басқарыў системасы жолға қойылды. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиң барлық басқышлары ашық-айдынлық ҳәм жәриялылық тийкарында өткерилди.

Сайлаўда тиккелей қатнасқан абырайлы халықаралық шөлкемлер және 50 ге шамалас мәмлекеттен келген 825 халықаралық бақлаўшы, 1 мың 155 жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкили сайлаўлар улыўма тән алынған халықаралық стандартларға муўапық өткенин атап өтти.

Улыўма алғанда, болып өткен сайлаў демкоратиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, халқымыздың турмыс дәрежесин және де арттырыў, өз алдымызға қойған жоқары мақсетлерге ерисиў жолында ўатанласларымыз аўызбиршилик пенен ҳәрекет етип атырғанын және бир мәрте көрсетти.

 

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламентине муўапық, төменги палата Спикерин сайлаў ушын Сиясий партиялар ўәкиллери кеңеси дүзилди. Усы кеңестиң усынысына бола, депутатлар жасырын даўыс бериў жолы менен Нурдинжон Исмоиловты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери етип сайлады.

Буннан соң мәжилиске басшылық етиў ўәкиллиги Спикерге өтти. Нурдинжон Исмоилов мәжилис секретариатына келип түскен 5 сиясий партия фракциясы басшылары тәрепинен фракциялар дүзилгени ҳаққындағы шөлкемлестириў протоколларын оқып еситтирди. Соған тийкарланып Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялардың фракциялары дизимге алынды.

Депутатлар Нызамшылық палатасы Спикериниң жаңадан шөлкемлестирилген биринши орынбасары лаўазымына депутат Акмал Саидовты, Спикердиң орынбасарлары лаўазымларына Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының баслығы Актам Ҳаитовты, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының баслығы Алишер Қодировты, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясының баслығы Наримон Умаровты, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының баслығы Улуғбек Иноятовты ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының баслығы Борий Алихоновты сайлады.

«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы нызам және сиясий партиялар фракцияларының қабыл еткен толық (улыўма) қарарына тийкарланып комитетлердиң баслығы лаўазымлары депутатлардың қайсы партияға тийисли екенлиги ҳәм сайлаўда партиялар ийелеген орын есапқа алынған ҳалда анықланады. Усы мүнәсибет пенен депутатлар тәреинен Нызамшылық палатасы комитетлериниң басшылары лаўазымларын сиясий партиялар фракциялары арасында бөлистириў ҳаққында қарар қабыл етилди.

 

 

Депутатлар парламент төменги палатасы комитетлериниң басшыларын да сайлады.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Конституциясының 98-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жаңадан сайланған Олий Мажлис алдында өз ўәкилликлерин алып таслаў ҳаққындағы мүрәжаты итибарға алынды ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының тийисли қарары қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының биринши мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

ӨзА