Ондатра – териси қымбат, сийрек гезлесетуғын кемириўши ҳайўанлар түрине киреди.

Усы жыл 15-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети инспекциясының қәнигелери ҳәм инспекторлары тәрепинен өткерилген гезектеги экологиялық рейд илажлары даўамында усы ҳайўанды нызамсыз түрде аўлап атырған шахслар иркилди.

Комитет тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағында жасайтуғын пуқара Б.Н. өзине тийисли болған бир дана қолдан исленген аў қақпаны жәрдеминде район аймағындағы «Жалтырбас» тәбийғый көлинен аң аўлаў тәртип қағыйдаларына бойсынбай, 3 дана ондатраны нызамсыз аўлап алғаны анықланды.

Бул факт бойынша нызамбузыўшыға тийисли түрде ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 90-статьясы 4-бөлимине муўапық тәбиятқа келтирилген зыянды қаплаў ушын 3 миллион 345 мың сумлық даўа есапланды. Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша топланған ҳүжжетлер Мойнақ районы Ҳәкимшилик судына жиберилиўи ушын таярланбақта.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.