Өткен мәрт ата-апаларымызды ҳүрметлеў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлерден есапланады.

9-Май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Кегейли районы ҳәкими А.Камалов ҳәм тийисли тараў басшылары  тәрепинен урыс жылларында фронт артында мийнет еткен район аймағындағы 4 кексе ата-апаларымыздың үйлерине барып, оларды байрам менен қутлықлады ҳәм оларға 1 млн сўмнан бир мәртелик сыйлық ҳәм басқа да саўғалар тапсырды.

Өз гезегинде нураныйларымыз да  урыс жылларындағы халықтың басына түскен аўыр күнлерин еске алып, бүгинги еркин заманымызға шүкиршилик билдирип, район басшыларына өзлерине көрсетип атырған ғамқорлықлары ушын миннетдаршылықларын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги