Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни Москва қаласында бақлаўшы мәмлекет сыпатында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң юбилей мәжилисинде қатнасты.

Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян басшылығында өткен ушырасыўда Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, бақлаўшы мәмлекет басшысы сыпатында Куба Федерациясы Президенти Мигель Диас-Канель, Евроазия экономикалық комиссиясы коллегиясы баслығы Бакитжан Сагинтаев ҳәм ветеран мийман сыпатында ҒМДА бас хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, көп тәреплемели саўда-экономикалық бирге ислесиўды және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, әҳмийетли бағдарларда биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўдың тийкарғы мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында Владимир Путинди Россия Федерациясы Президенти лаўазымына кирискени менен қутлықлады. Мәжилистиң барлық  қатнасыўшыларын Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 79 жыллығы ҳәм Евроазия экономикалық аўқамы шөлкемлестирилгениниң он жыллығы менен қутлықлады.

Өзбекстан жетекшиси бүгинги шараятта мәмлекетлеримиз саўда-экономикалық байланысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, санаат кооперациясы жойбарларын алға қойыў ҳәм тиккелей инвестициялардың өсиўи ушын шараят жаратыў бойынша биринши дәрежели әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Өткен айда Ташкентте табыслы өткен “Иннопром” дәстүрий халықаралық көргизбеси усындай бирге ислесиўге унамлы мысал сыпатында атап өтилди.

–Бүгинги бул форум Өзбекстанның Россия ҳәм Евроазия экономикалық аўқамындағы басқа мәмлекетлер менен бизнес қарым-қатнасын раўажландырыў ушын нәтийжели платформаға айланды, – деди Президент.

Усы майданды кеңейтиў, басқа бирге ислесиўши мәмлекетлер, соның ишинде Куба, Иран, Египет, Бирлескен Араб Әмирликлери, Монголия, Вьетнам ҳәм Индонезия сыяқлы мәмлекетлерден де компанияларды тартыў тилеги билдирилди.

Өзбекстанның бақлаўшы сыпатында ЕАЭА менен бирге ислесиўи ҳаққында сөз етилип, мәмлекетимиз басшысы өз-ара товар алмасыў көлеми, бәринен бурын, санаат өнимлерин жеткерип бериўди көбейтиў есабынан көбейгенин атап өтти. Соның менен бирге, өз-ара есап-санақларды миллий валюталарда әмелге асырыўдың үлеси артпақта.

Мыңнан аслам биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлар иске қосылды. Жүк тасыў көлеми өспекте, турақлы авиақатнаўлардың саны еки есеге көбейди.

Евроазия экономикалық комиссиясы менен биргеликте Жоқары дәрежедеги жумысшы топарлардың үш мәжилиси өткерилди, Биргеликтеги режедеги барлық илажлар толық көлемде әмелге асырылды.

Өзбекстан саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерция, климат күн тәртибине байланыслы жойбар ҳәм бағдарламаларға қосылды.

Мәмлекетимиз басшысы Евроазия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли бағдарларына айрықша тоқтады.

Мәмлекетимиз әмелий бирге ислесиўди кеӊейтип, ЕАЭАн раўажландырыў бойынша стратегиялық бағдарлар шеӊбериндеги тараўлық шерикликтиӊ көп тәреплемели жойбарларын әмелге асырыўда және де жедел қатнасыўдан мәпдар екени атап өтилди.

Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Евроазия экономикалық комиссиясы арасында орта мүддетли перспективаға мөлшерленген биргеликтеги илажлардыӊ жаӊа комплексли режесин таярлаў усыныс етилди.

– Бақлаўшы мәмлекетлердиӊ жойбарларда толық қатнасыў мәселелерин тәртипке салатуғын механизмниӊ тез пурсатта қабыл етилиўи бул ҳүжжеттиӊ нәтийжели әмелге асырылыўына хызмет ететуғынына исенемиз, – деди Өзбекстан жетекшиси.

ЕАЭА мәмлекетлери менен саўдадағы тосқынлық ҳәм шеклеўлерди өз-ара сапластырыўға таяр екени билдирилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан 2009-жылдағы Товарлардыӊ келип шығыў мәмлекетлерин анықлаў қағыйдаларына қосылыў процеси басланды.

Президентимиздиӊ атап өткениндей, бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматларды электрон алмасыў, санитария, фитосанитария ҳәм ветеринария қадағалаўы мәмлимлеме системаларын интеграциялаў, техикалық тәртипке салыў илажларын бир түрге енгизиў режесин қабыл етиў ҳәм электрон сертификатластырыў бул бағдарда анық әмелий қәдемлер болады.

“Арқа-Қубла” транспорт коридорын Қубла ҳәм Қубла-Шығыс Азия, Жақын Шығыс мәмлекетлери базарларына шығатуғын етип раўажландырыў бойынша тығыз қарым-қатнасты даўам етиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Усы мәнисте, апрель айыныӊ ақырында Термиз қаласында болып өткен “Беларусь – Россия – Қазақстан – Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан” мультимодал жөнелисин раўажланлырыў бойынша транспорт уйымлары басшыларыныӊ биринши ушырасыўы нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Транзит тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде бүгинги күнде енгизилип атырған ЕАЭА бажыхана транзитин бирден-бир системасы менен санлы бирге ислесиў бойынша илажлар комплексин ислеп шығыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы санаат коперациясы жойбарларын ҳәм талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды локализациялаў бағдарламаларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратты.

Бул бағдарда айрықша “жол картасы”н ислеп шығыў, онда мәмлекетлеримиз аймақларында биргеликте шөлкемлестирилип атырған санаат зоналары ҳәм технопарклерде жаӊа қуўатлықларды жайластырыўды нәзерде тутыў усыныс етилди.

– Бундай жойбарларға исбилерменлерди кеӊнен тартыў мәселелери усы жылы Самарқандта болып өтетуғын Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм ЕАЭА Исбилерменлер кеӊесиниӊ биринши ушырасыўында көрип шығылыўы мүмкин, – деди Президентимиз.

Сондай-ақ, бирлеспе шеӊбериндеги санаат коперациясы бағдарламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша арнаўлы механизм имканиятларынан пайдаланыў тилеги билдирилди.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы Евроазия экономикалық аўқамы уйымлары менен төмендеги әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўди кеӊейтиў зәрүрлигин атап өтти:

– Евроазия Агроэкспрессин раўажландырыў, “жасыл” ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, биргеликтеги агросанаат кластерлери ҳәм логистика орайларын шөлкемлестириў;

– климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин жеӊип өтиўде улыўмалық көзқарасларды ислеп шығыў ҳәм тығыз бирге ислесиў. Тийисли Жумысшы топардың гезектеги мәжилислеринен бирин Өзбекстанда өткериў усыныс етилди;

– мәмлекетлеримизде мийнет мигрантларының жумысы ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў ҳәм социаллық кепилликлерди жаратыў, соныӊ менен бирге, санлы платформалардан пайдаланыў арқалы;

– туризм алмасыўын түпкиликли арттырыўға қаратылган биргеликтеги туристлик бағдарламалары ҳәм өнимлерин ислеп шығыў.

ӨзА