Өзи жасап атырған әтираптың тазалығы, абаданлығы елимизде жасайтуғын ҳәр бир пуқара ушын ең әҳмийетли мәселелердиң бири болып есапланады.

Кейинги жылларда усы мәселелерге мәмлекетлик сиясат дәрежесинде әҳмийет қаратылып, усындай экологиялық ҳәм қоршаған орталықтың абаданлығына байланыслы мәселелердиң унамлы шешилиўи ушын тәсиршең илажлар алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жылларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 27-апрельдеги қарарлары менен Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилген еди.

– Кәрханамыз өз жумысын 2017-жыл июнь айында 312 адам менен баслаған еди,-дейди кәрхана баслығы О.Генжебаев. – Ҳәзирги ўақытта хызметкерлердиң саны 506 ға жетти.

Олардың нәтийжели жумыс ислеўи ҳәм дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылып, арнаўлы кийимлерде қәўипсизлик қағыйдаларын сақлаған ҳалда жумыс ислеўи тәмийинленбекте. Ҳәзирги ўақытта тараўда жумыс ислеп атырған хызметкерлер ушын жаңа заманагөй көринистеги арнаўлы хызмет кийимлерин тиктириў ушын Мойнақ районындағы «Мойнақ Порлоқ Текс» жеке кәрханасы менен еки тәреплеме шәртнама дүзилди.

 

 

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында 1 миллион 9 мыңға шамалас адам жасап атырған болса, соның бес жүз мыңнан асламы кәрханамыз тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер менен қамтып алынды. Өткен жылдың январь-декабрь айлары даўамында 309 мың 687 метр куб қатты шығынды, 28 мың 760 тонна суйық шығынды алып шығылды.

Бүгинги күнге келип, кәрхананың материаллық-техникалық базасы беккемленип, аймақтың тазалығын сақлаў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Самарқанд ўәлаятының «САМАРҚАНД АВТОМОБИЛЬ ЗАВОДЫ» ЖШЖ менен дүзилген шәртнама тийкарында 11 миллиард 178,0 миллион сумға 27 қатты турмыслық шығындыларды тасыўға арналған автотранспортлар алып келинди.

900,0 млн сумлық қатты турмыслық шығындыларды топлаў ҳәм алып шығып кетиў ушын арналған 7 метр кубли 50 дана мультилифтли контейнер алып келинди.

Буннан басқа, Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен Кегейли, Беруний, Қоңырат, Мойнақ, Қараөзек, Хожели, Елликқала ҳәм Тахтакөпир районларындағы автогаражларда ҳәм ҳәкимшилик имаратларында 4 миллиард 221,9 млн. сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.

 

 

Алдағы ўақытлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-февральдағы 4145-санлы қарары шеңберинде, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банкиниң кредит қаржылары есабынан «Турмыслық шығынды полигонларын рекултивациялаў ҳәм полигонларды қурыў» жойбарларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Усыған муўапық бар полигонларды рекультивациялаў ҳәм заманагөй талаплар тийкарында қурыў менен бирге, усы жойбар шеңберинде республикамызда 7 шығындыларды қайта жүклеў станцияларын ҳәм 5 шығындыларды бөлеклеў полигонларын қурыў ушын кредит қаржылары ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Ҳәзирги ўақытта усы жумысларды әмелге асырыў мақсетинде Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банкиниң тийисли қәнигелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районында жаңадан қурылатуғын, Қараозек районындағы «Бердақ», Қоңырат районындағы «Қаңлы», Беруний районындағы «Саркоп», Нөкис районындағы «Қутанкөл» пуқаралар жыйынларындағы бар полигонларды реконструкциялаў ушын ҳәр бирине 15 гектардан жер ажыратылыўына байланыслы мәселелер шешилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.