Усы жыл 13-январь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Сессияға министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары  ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров  ашты ҳәм басқарып барды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

 

 

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық 2019-жылдың 22-декабрь ҳәм 2020-жылдың 5-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине өткерилген сайлаўлар елимиз турмысында демократиялық мәмлекет, ашық пуқаралық жәмийет қурыў жолындағы тағы бир әҳмийетли жаңа қәдем болды. «Жаңа Өзбекстан, жаңа сайлаўлар» сүрени астындағы сайлаўлар ҳәрекеттеги нызамлар тийкарында демjкратия ҳәм жәриялылық принциплери тийкарында өткерилди. Сайлаўларға ҳәр тәреплеме таярлықлар көрилди. Оның барлық басқышларын сырт еллерден, халық аралық шөлкемлерден бақлаўшылар, сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери бақлап барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў 65 округ бойынша 622 сайлаў участкасында өткерилди. 2019-жылдың 22-декабрь күни болып өткен сайлаўларға дизимге киргизилген 999333 сайлаўшыдан 771494 сайлаўшы, яғный 77,2 проценти қатнасты. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы  тәрепинен сиясий партиялардың республикамыздағы уйымларынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына талабан етип усынылған 325 талабан дизимге алынды. Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳаққында»ғы нызамына муўапық 16 талабанның «талабанлықтан ўаз кешиў ҳаққында»ғы арзасы қанаатландырылды. Солай етип, сайлаў бюллетенлерине 50 округте 5 талабаннан, 14 округте 4 талабаннан, 1 округте 3 талабаннан киргизилди. 2020-жылдың 5-январь күни еки округте қайта даўыс бериў болып өтти. Улыўма 65 сайлаў округинде депутатлар толық сайланды. Соннан Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы республикалық уйымынан 19, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы республикалық уйымынан 14, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы республикалық уйымынан 6,  Өзбекстан Халық демократиялық партиясы республикалық уйымынан 16, Өзбекстан Экологиялық партиясы республикалық уйымынан 10 депутат сайланды. Депутатлар бес миллет ўәкиллеринен ибарат болып, соннан 45 ер, 20 ҳаял-қызды қурайды. Сайлаў даўамында пуқаралардан келип түскен еки мүрәжат үйренилип шығылып, тийисли тәртип жуўап берилди. Сессияда бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги сиясий партиялардың фракцияларын дизимге алыў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң регламенти ҳаққында»ғы Нызамына муўапық сиясий партиялар фракцияларының Ақсақаллар кеңеси дүзилип, оның қурамы тастыйықланды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясында сайланған Ақсақаллар кеңесиниң мәжилиси өткерилип, онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен депутат Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң кандидатурасы усынылды.

 

 

Бул мәселе бойынша Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Жоқарғы Кеңестеги фракциясы атынан 54-санлы «Халқабад» сайлаў округинен депутат А.Данияров, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясының Жоқарғы Кеңестеги фракциясы атынан 25-санлы «Нәўбәҳәр» сайлаў округинен депутат М.Қурбанбаева, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Жоқарғы Кеңестеги фракциясы атынан 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат У.Жалменов, Өзбекстан Экологиялық партиясының Жоқарғы Кеңестеги фракциясы атынан 21-санлы «Әмирабад» сайлаў округинен депутат Д.Айтбаева, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы республикалық уйымының Жоқарғы Кеңестеги фракциясы атынан 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен депутат Ш.Уснатдинов шығып сөйлеп, Ақсақаллар кеңеси тәрепинен усынылған талабанның кандидатурасын қоллап-қуўатлады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда жасырын даўыс бериў жолы менен 63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен депутат Ерниязов Муса Тажетдинович Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша  тийисли қарар қабыл етти.

 

 

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасарын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 81-статьясына ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы нызамның 14-статясына муўапық 22-санлы «Наўайы» сайлаў округинен депутат Атажан Ҳамраев жасырын даўыс бериў жолы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары етип сайланды. Бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

 

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитетлерин ҳәм комиссиясын дүзиў, олардың қурамын ҳәм баслықларын сайлаў ҳаққында мәселе көрип шығылды. «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳаққында»ғы нызамның 18-статьясына  ҳәм сиясий партиялар фракциялары ағзаларының усынысына муўапық 49-санлы «Қоңырат» сайлаў округинен депутат С.Турманов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы, 4-санлы «Ерназар Алакөз» сайлаў округинен депутат Х.Бекчанов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Бюджет, экономикалық реформалар ҳәм инвестициялар мәселелери комитетиниң баслығы, 53-санлы «Кегейли» сайлаў округинен депутат Д.Қурбаниязов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң, 9-санлы «Әжинияз» сайлаў округинен депутат А. Ибрагимов Жоқарғы Кеңестиң  Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы, 18-санлы «Жамбасқала» сайлаў округинен депутат Ш.Атаниязов Жоқарғы Кеңестиң  Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў мәселелери ҳәм экология комитетиниң баслығы, 54-санлы «Халқабад» сайлаў округинен депутат А.Данияров Жоқарғы Кеңестиң Жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери бойынша комитетиниң баслығы, 46-санлы «Кетенлер» сайлаў округинен депутат Ш.Уснатдинов Жоқарғы Кеңестиң Регламент ҳәм депутатлық этикасы мәселелери комиссиясының баслығы етип сайланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

 

 

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Баслығы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 89-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси  Баслығының Министрлер Кеңесиниң ўәкилликлери ҳаққындағы мүрәжаты мәселеси көрип шығылды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Баслығы лаўазымына Қ.Сариевтиң кандидатурасы усынылды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен сессияда Қ.Сариев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Баслығы етип тайынланды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

 

 

Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  қурамын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша усыныс бериў ушын сөз Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Баслығы Қ.Сариевке берилди. Бул бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзаларын сайлаўды усы жыл 17-январь күни өткериў ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Сайлаў Кодексине муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери депутатлары Қоспа мәжилисиниң мәсләҳәт кеңеси ағзалығына талабан усыныў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Мәсләҳәт кеңеси ағзалығына талабан етип 45-санлы «Шоманай» сайлаў округинен депутат У.Жалменовтың кандидатурасы усынылды. Депутатлар бул бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов шығып сөйледи.

 

 

Сессия жумысына Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары У.Исмайлов қатнасты.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.