КИТАП  ЖАҢАЛЫҒЫ

 

 

Соңғы жыллары жемисли жумыс ислеп атырған журналист-жазыўшы Өмирбай Өтеўлиевтиң атының өзи оқыўшысын өзине тартатуғын «Бақаншақлы үйдиң турғыны» китапшасын үлкен қызығыўшылық пенен оқып шықтым.

Новелласында тартылып кеткен теңиздиң қумлы-дузлы ултанын мәканлаўшы бас қаҳарманы Сейдулла мектепти питкергеннен соң Нөкиске барып оқый алмай, «жалпақ табан»саң деп армияға да алынбағаны, жигирма жасар жигит анасына қарап, табылған қол ушы талапларын ислеп жүргени исенимли, жанлы образда сүўретленеди. Сол жыллары ҳүкимет теңиздиң қурып қалған ултанына сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў жойбарын әмелге асырғанда Сейдулла дайысы Турдыбайдың ақылы менен жумысқа киреди. Ийгиликли иске Германияның Өзбекстандағы елшиханасы қасында дүзилген Техникалық орайдың қәнигеси Франк исмли немец басшылық еткен.

Новеллада Сейдулланың кеўип кеткен теңизге деген сағынышын Нөкис­теги тири балықлар сатылатуғын «Арал» дүканына барғанда үлкен суў ыдыста адам бойы ылақаны көргени, мектепте тарийх ҳәм география пәнлеринен оқытатуғын муғаллими Орынбай Даниель Дефо менен Жюль Верн­ниң китапларын оқыўға берип, оның интеллектуаллық жақтан өсип-раўажланыўындағы жәрдеми, Шотландиядағы Лох-Неси убыжығы туўралы эпизодларды қосып байытқанлығы менен қызықлы.

Сейдулла Германиядан Арал теңизиниң ултанындағы әкеси басшылық етип атырған қайырлы ислерди көриўге келген Франктиң қызы менен танысады. Қызға теңиз бойының қашақ жылқысын услап мингизген. София Сейдулланың көпшилик заманласлары сыяқлы қара тамағы ушын мийнет ететуғын бийшара емеслигин аңлап, оның романтикалық нәзик жанын түсинип, муҳаббат сезими оянады. София жан досты, альпинист Луиза менен таныстырыўға ўәде береди.

Теңиздиң ултанындағы еспе қумлықты атлы гезгенде адасып, таң қалғандай майда бақаншақлардан өриўли ықтырмаға тап келген. Онда жасайтуғын ғаррыны Сейдулла танып қалады. Теңиз қурығаннан соң дәрўишсымақ турмыс кеширген атайы балықшы «баўыры суўық қара жер ­ анам, көк аспан ­ әкем» деген түсиникте жасағаны таңландырады.

Бир айдан соң Германиядағы оқыўына қайтқан София Сейдулла менен уялы телефон арқалы сөйлескенде: «Қысқы сессиям тамам болыўдан Мойнаққа қарай самолётта қанат байлап ушаман» деп айтады. Қыздың қарапайым аўыл баласы Сейдулланы сүйип қалғаны, «Эверест шыңына шыққан жан достым Луиза таўдың төбесинде екеўимизге бахыт тилеп, әлемге жар салыпты» дегенлери тастыйықлайды.

Бул контексте Эверест шоққысы бийкарға тилге алынбаған. Еки жастың арзыў-әрманларын тымсал ретинде баҳалаймыз. Яғный, оқыўшыны Сейдулла менен Софияның соңғылықта шаңарақ қуратуғынына беккем исеним менен қараўға ийтермелейди.

Бүгинги экологиялық қыйын шараятта жасап ҳәм мийнет етип атыр­ған халқымызға усындай оптимистлик руўх бағышлап, қыял әлемине шарықлайтуғын шығармаларға жүдә мүтәжбиз. Бундай романтикалық руўх Өмирбайдың қәлемине тән. Соның ушын оның китаплары китап текшелеринде шаң басып жатпай, қолдан-қолға тиймей оқылады.

Новелладағы бақаншақлы үй, яғный, теңизден айырылып қалған ғарры балықшының қум ортасындағы баспанасы ­ теңизди қуртқан инсанның теңизди қайта тиклеўи туўралы символлық образ сыпатында баҳаланады. Ғаррының қашан теңиз өз орнына қайтпағанша өлмейтуғыны анық…

Новелланы Арал теңизи ҳәм оның қурып кетиўинен пайда болған маш­қалаларды ҳәзирги дәўирде бул аймақтағы халықлардың турмысын жақсылаў бойынша ҳүкимет тәрепинен көрилип атырған илажларды жақсы билетуғын журналист-жазыўшының өткир қәлеминен дөреген шығарманың тили бай, оқыўшыны өзине үйирип әкетеди.

Китапқа кирген «Аманатқа қыянет» ҳәм «Қудайберген шабық» гүрриңлери қысқалығы менен оқыўшыны өзине тартады. «Қызық-қызық әңгимелер» бөлиминдеги қысқа ҳәм тартымлы ўақыяларда роман, повестьлик мазмун-мағана бар.

Қасқыр менен «дайылы-жийенли»дей, бул китапшасына да тәнҳа өзи қасқыр қуўалағанларын киргизгени менен утымлы шыққан.

Очерк, публицистика ҳәм мақалаларында Арал бойы халықларының бүгинги турмысын сүйиспеншилик пенен сөз етеди. Китапша художник К.Рейпназаровтың қыл қәлеминен шырайлы етип безелген.  «Қарақалпақстан» баспасында 2,5 мың нусқада басылып шыққан.

Сағынбай

ИБРАГИМОВ,

шайыр.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги