Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Ўатан қорғаўшылары байрамы алдыннан, 10-январь күни Қураллы Күшлер академиясына барды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерге 2017-жыл январь айында келип, әскерий билимди желитистириў, сол ўақыттағы Ташкент жоқары улыўма сәркардалық билим орны негизинде пүткиллей жаңа оқыў мәкемесин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди.  Көп өтпей, Президенттиң тийисли қарары қабыл етилип, бур жерде сырт елдиң алдынғы технологиялары ҳәм заманагөй оқыў қураллары жәмленген Қураллы Күшлер академиясы шөлкемлестирилди. 2018-жыл январьда Жоқарғы Бас Сәркарда усы жаңаланған билимлендириў орнының жумысы менен танысқан еди.

Бүгин академия  шараят ҳәм мазмун жағынан түпкиликли өзгерген. Аудиториялар компьютер техникасы, оқыў ҳәм лаборатория әспаб-үскенелери менен үскеленген. Заманагөй ситуациялық орайлар, тренажёрлар шөлкемлестирилген.

 

 

Өткен жылы бул жерде модернизация жумыслары даўам еттирилип, жаңа объектлер қурылды. Курсантлардың оқыўы ҳәм жаўынгерлик шынығыўларды өтеўи, спорт пенен шуғылланыўы ушын қосымша имканиятлар жаратылды.

Академияның жанында мәмлекетимиздиң барлық әскерий билимлендириў бағдарындағы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим орынларында оқыў процеси ҳәм илимий жумысларды муўапықластыратуғын Илимий-методикалық кеңес дүзилди.

Президентимиз оқыў мәкемеси жумысын жетилистириў бойынша хәрекетлердиң нәтийжеси және пайдаланыўға тапсырылған заманагөй билимлендириў инфраструктурасының объектлери менен танысты.

Оқыў имаратында  әскерий техниканың тийкарғы үлгилери бойынша динамикалық компьютер тренажёрлары имканиятлары көрсетилди, академия курсантларының дөретиўшилик ҳәм инновациялық қолланбалары хаққында мағлыўмат берилди.

 

 

– Барлық тараўлар қатары әскерий билимлендириў бойынша бәрқулла заман менен бирге қәдем таслаўымыз, керек болса, оннан алдында жүриўимиз зәрүр. Әскерлеримиз, курсантлар ҳәм тыңлаўшылар ең алдынғы, инновациялық билим ҳәм көникпелерди ийелеўи, тараў бойынша дүньядағы жаңалықлардан хабардар болыўы, ҳәр қашан излениўи лазым, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз курсантларды мәмлекетимиз турмысындағы аҳмийетли ўақыя – Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгени 28 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады. Оқыў ханаларын, жатақхана ҳәм жүзиў бассейнлериниң шараятларын көзден өткерди.

Усы күнниң өзинде Қураллы Күшлер академиясында Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлердиң Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев басшылығында Қәўипсизлик кеңесиниң миллий армияны және де раўажландырыў ҳәм реформалаў мәселелерине бағышланған кеңейтилген мәжилиси болып өтти.

Илажда Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары, Қураллы Күшлер, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, видеоконференцбайланыс арқалы болса аймақлардың басшылары, әскерий округлер ҳәм әскерий бөлимлер сәркардарлығы, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарында  әмелге асырылған жумыслар хаққында мәлимлеме берилди.

Мәжилисте Қураллы Күшлерди раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың жуўмағы шығарылып, министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли ҳәкимият уйымларының миллий армиямызды раўажландырыў ҳәм реформалаў бағдарындағы  жумысына сын баҳа берилди.

Президентимиз 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекет турмысының басқа тараўлары менен бир қатарда әскерий қурылыс бағдарында кең көлемли модернизация жумыслары әмелге асырылғаны, усы арқалы қысқа дәўирде анық нәтийижелерге және Қураллы Күшлеримиз көриниси бойынша стратегиялық қатнасты қәлиплестириўге ерисилгенин атап өтти.

Ҳәзирги мәлимлеме мәканындағы қарама-қарсылық, адамлар, әсиресе, жас әўладтың санасы ҳәм қәлби ушын гүрес күшейген шараятта әскерий ўатансүйиўшилик руўхындағы тәрбияның орны ҳәм  әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығы айрықша атап өтилди.

Халықты, ең-дәслеп, жасларды усындай руўхта тәрбиялаў системасын жетилистириў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар процесине тартыў, олардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын әмелге асырыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

– Армия материаллық жақтан ең заманагөй ҳәм зәрүр қураллар менен тәмийинленген болыўы мүмкин, бирақ әдеп-икрамлылық жағынан әззилиги, жаўынгерлик руўхы, Ўатанға садықлығы ҳәм муҳаббаты, оның тәғдири ушын жуўапкеришилик сезими жоқлығы ямаса немқурайлық дүзетип болмайтуғын ақыбетлерге алып келиўи мүмкин, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Буннан тысқары, Қураллы Күшлерди реформалаў ҳәм раўажландырыўдың басқа әҳмийетли бағдарлары көрип шығылды.

Мәжилис жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў тараўындағы алдағы жумысларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА