Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Салауатдин Худайбергенов пенен тараўда жумыс алып барып атырған жаслардың ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде өткерилген жаслар менен ушырасыўында билдирген пикир-усыныслары ҳәм ўазыйпалар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

 

 

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң 30 процентин жаслар курайды. Олардың арасында «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны  ийелери, жас илим докторлары да бар. Сондай-ақ, әдиллик министрлиги тараўында жаслар жетекшиси сайланып, жас хызметкерлер арасында түрли илажларды әмелге асырып, олар менен тығыз байланыста жумыс алып бармақта.

Илажда жаслардың пикир-усыныслары тыңланып, алдағы ўақытта олардың белсендилигин арттырыў, машқалаларын үйрениў бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.