14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни

 

 

14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының жаслары Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлим полигонында Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасының кубоги ушын «Мен әлбетте әскер боламан!» атамасындағы әскерий-спорт эстафетасының финаллық басқышында қатнасты.

Онда Нөкис ҳәм Үргениш қалаларындағы жарысларда жоқары нәтийже көрсеткен, жәми 10 улыўма билим бериў мектеплериниң командалары өз-ара күш сынасты.

Илажда округ әскерлери сәркардасының орынбасары полковник Ш.Эшчанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  қатнасыўшыларды Ўатан қорғаўшылары күни менен қызғын қутлықлап, әскер болыў ҳәм Ўатанды қорғаў әдиўли миннет екенлигин атап өтти.

Әскерий-спорт эстафетасын шөлкемлестириўден мақсет – жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, спортқа қызығыўшылығын арттырыў ҳәм турмысқа таярлаўдан ибарат болып табылады.

Жарыс қатнасыўшылары разведкашылардың тосықлы жолынан өтип, зенит қурылмасының нышанға алыў оптикалық қурылмасын  гөзлеў, автоматты толық емес бөлеклерге ажыратыў ҳәм жыйнаў, гранатаны аралыққа ылақтырыў, пневматикалық мылтықтан мергенлигин көрсетиў, ғалаба қырғын қуралларынан қорғаныў қуралларын тез ҳәм дурыс кийиў, шәртли жарадарға медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм радио байланыс орнатыў сынақларынан өтти.

Кишкене дала оқыў майданында қызғын өткен эстафетада жаслар бир команда болып ҳәрекет ете алатуғынын көрсетти.

 

 

Жеңимпазлар анықланып, Үргениш қаласындағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы биринши, Нөкис қаласындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы екинши,  36-санлы улыўма билим бериў мектебиниң командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлигиниң қымбат баҳалы саўғалары, округ сәркардасының Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Илажда жарыс қатнасыўшыларының И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине экскурсиясы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.