Академик М.НУРМУХАМЕДОВтың туўылғанына 90 жыл

 

 

Өмир ме, ямаса бул театр ма!

Келеси сеансқа билет алған,

Орныңа отырыўға киятыр ма,

Қызықлы телефильм сериясы!

Қыйыннан қыйыстырған ўақыясы,

… Тәғдир — сум режиссёр ол фильмге.

Төрткүлде туўған қылып ерте күнде,

Қайдағы бир Измирге айдап барып,

Өмириңе точка қояр қәпелимде…

И.Юсупов.

(«Кешки жол ойлары»

қосығынан).

Сезимтал ҳәм оқымыслы журтшылық бул қатарлар исми аталмаса да академик М.К.Нурмухамедовтың өмиринен алынған эпизод прототиплер екенлигин жақсы билсе керек. Сонлықтан олар ишинен гүбирленип: «…Әттең! Әттең! Сум тәғдир, бул қызықлы ҳәм қаралы өмир, өмир менен өлим арасындағы жан талас арпалыслар-ғой!» дегенин билмей-ақ қалады. Өйткени, халқымыздың туңғыш академиги Марат Көптилеўович Нурмухамедов өзиниң онша узақ болмаған елиў алты жыллық өмири ишинде қаншама қызықлы ҳәм қарама-қарсылыққа толы турмыс кеширди, бай әдебий илимий мийраслар, төрт жүзден аслам илимий мийнетлерин қалдырып кетти. Ол l930-жылы 6-январьда Төрткүл қаласында сол ўақыттағы Қарақалпақстанның биринши басшысы Көптилеў Нурмухамедовтың шаңарағында дүньяға келди. Жас бала Марат еле он жасына толысып шықпай-ақ әкеси репрессия қурбаны болды. Енди жалғыз ул менен бир қызды бағып асыраў, оларды алдынғы қатардағы әўлад ўәкили етип тәрбиялап өсириў еле жас ана Дәўлет апаға, шала жетим қалған перзентлер ушын аңсатқа түскен емеслиги анық. Буған қосымша, алпыс жасқа толмай-ақ жат елде, илимий сапар ўақтында Түркияның Измир қаласында М.Нурмухамедов тосаттан «…бул биймаза үйдиң ашық есигин жаўып, шығып (И.Юсупов), биротала келмеске кетиўи пүткил қарақалпақ халқы ушын үлкен жоғалтыў, аўыр апаттың бири болды…»

Бирақ, М.Нурмухамедовтың студентлик жылларынан тысқары Москвадағы Шығыстаныў институтының аспиранты, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан филиалының илимий хызметкери, бөлим баслығы, институт директорының орынбасары, сол илимий филиалдың баслығы, областьлық партия комитетиниң идеология бойынша хаткери, Өзбекстан Илимлер Академиясы    А.С.Пушкин атындағы Тил ҳәм әдебият институтының директоры, сол академияның академик-секретары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры ­ мине, бул лаўазымлы хызмет орынлары оның өмириниң қызықлы, бай мазмунлы екенлигин дәлиллеп, үлги тутса керек. Усыларға тийкарланып оған болған улыўма халықлық, илимий ықлас итибардың бир қанша фактлери дыққатымызды өзине қаратады. Мен академик әдебиятшы-сыншы туўралы бир қанша мийнетлеримдеги айтылған пикирлеримди қайталамаў ушын ол туўралы басқа қәлем ийелериниң, Қаҳарман шайыр И.Юсуповтың бизиң менен сөйлесиўлериниң бириндеги (2003-жыл, ноябрь) мынадай еслеўди келтирсемF «…Бизлер студентлик дәўирдиң соңғы жылларының бир күнлери Нәжим аға мағанF ­ Ибра­йым, сен, Сражатдин, Бабаш, Марат ­ төртеўиңизди оқыўларыңызды питкергеннен кейин институтта жумыс ислеўге алып қаламыз. Сражатдин, Марат, сен ­ үшеўиңиз ХХ әсир қарақалпақ әдебияты, Бабаш ХIХ әсир қарақалпақ әдебиятын оқытып, изерт­лей баслайсызлар. Енди мениң жумысларым көбейип баратыр, докторлық диссертациямды жақлаўға таярлаўым керек,- деди».

Екинши жер жүзилик урыс жалынының дүтлери еле басылмай атыр­ған қырқыншы жыллардың екинши ярымында И.Юсупов, Б.Исмайлов, С.Ахметов, М.Нурмухамедов, сәл кешлеў Қ.Мақсетов ҳәм тағы басқалар сол жерде студентлик жылларында болажақ даңқлы алым Н.Дәўқараев пединс­титутта қарақалпақ әдебияты кафедрасын басқарып, оларға устазлық еткен. Бул уллы инсан соңынан пүткил Орта Азия халықлары алымларының ишинде бириншилерден болып (l95l-жылы) филология илимлериниң докторы деген илимий дәреже ушын диссертация жақлаған. Мине, усындай даңқлы алымның М.Нурмухамедовтай еле жас жигитлерге ықлас қойып, оларды илим жолына дурыс бағдарлаўы тосыннан болған ямаса әнейи нәрсе емес. Ал, бул жаслардағы илимге қуштарлықтың ушқынын терең сезиниў ҳәм адамгершилик-гуманизм нәтийжеси болды. Усындай ықлас-итибар арқалы М.Нурмухамедов, С.Ахметов, Қ.Әметов сыяқлы болажақ әдебиятшы, тарийхшы жаслар басқалардан да бурын Москвадағы үлкен илим орайы ­ Шығыстаныў институтының аспирантурасына жиберилип, дүньяға даңқы шыққан илимпаз тарийхшы ҳәм әдебият теоретиклеринен сабақ алыўға миясар болған. Булар атлары көрсетилген болажақ үш жас жигит ижарада меншик жайда бирге жасап, М.Нурмухамедов әжайып илимпаз тарийхшы ҳәм әдебиятшы Е.Э.Бертельстиң аспиранты болып, ХХ әсирдеги қарақалпақ әдебияты менен рус әдебиятының байланыслары мәселесинде илимий-изерт­леў менен шуғыллана баслаған. Бул иске фонолог илимпаз тилши   Г.Убайдуллаев та айтарлықтай ғамқорлық, жол-жоба көрсеткен. Усындай ўақытлары да устаз илимпаз Н.Дәўқараев өз шәкиртлерин көзден таса қалдырмай изине ертип, үлкен илимпаз, жазыўшыларға таныстырып, олардан сабақ алыўға мүмкиншиликлер жарат­қан. Бул ықлас, әрманлар соңынан олар тәрепинен жоқары дәрежеде иске асты. Усындай ғамқор ықластың және бири ретинде профессор С.Ахметовтың мынадай еске түсириўлерин келтирсек. «Бизлер Москвада аспирант ўақытларымызда Марат екеўимиз устаз аға Н.Дәўқараев себепли академик-жазыўшы, уллы инсан М.Әўезовтың қолынан алып, оның менен жүзбе-жүз көрисиўге миясар болдық… Шығыстаныў илим-изертлеў институтында Нәжим ағаның докторлық диссерта­циясын жақлаў ушын додаланатуғын болды, оған Марат екеўимиз дизилисип барсақ, Нәжим аға бизлерге қарата тез-тез түрде: ­ Марат, Сражатдин екеўиңиз сыртта турып күтип алың, мәжилиске Мухтар келиўи керек. Мухтар… Мухтар Әўезов, – деди. Сөйтип бизлер сыртқа шығып күтип турсақ, жапалақлап қуйып турған қарды жамылып, келте бойлы, ҳәммемиз сүўретинен танып жүрген қара домалақ киси ­ М.Әўезов келип, бизлер менен қол алысып сәлемлести. Марат екеўимиз оның сыртқы кийимлериндеги жабысып қалған аппақ қарларды қағып-силкип тазалап, мәжилиске алып кирдик. Бул кисиниң келиўи Нәжим ағаның диссертациясының додалаўының унамлы тәрепке бурылыўында шешиўши әҳмийетке ийе болды. Себеби, М.Әўезов өзинен бурынғы бир неше алымлардың диссертациясы туўралы турпайы ҳәм орынсыз, қәте сын пикирлериниң барлығына қарсы шығып, бийкарлап, диссертацияны унамлы, ҳәтте, жоқары баҳалады. Ал, Н.Дәўқараевтың президиум столы үстинде қалып баратырған еки томлық атақлы мийнетин Марат пенен бирге екеўимиз қолтықлап алып барып, устаз болып атырған орында олардың М.Әўезов пенен гүрриңлесиўлерин тыңлаўға миясар болдық».

Мине, усындай сюжетлик детальлардың өзи М.Нурмухамедов әзелден, жаслық жыллардан-ақ кимлер менен дос, қәдирдан болғанын, жаслық жигерин илимге жумсап, қалайынша өзин услап тутып, қайсындай инсан илимпазлардың, жазыўшылардың ықласына ийе болғанын анық танытып тур.

М.Нурмухамедовтың зәңгилес заманласлары менен оның ғамқорлығына бөленген илимпаз ҳәм жазыўшылар ол тири ўақытлары ҳәм көзи жумыл­ғанда да қарақалпақ халқының туң­ғыш академик-сыншысына болған ықлас лебизлерин жойтқан емес. Оның көп санлы илимий әдебий сыншылық мийнетлериндеги терең тео­риялық ҳәм публицистикалық өткир, талапшаң әдебиятшылар жоқтың қасында. Булардан тысқары, тәнҳа М.Нурмухамедов туўралы арнаўлы мийнетлер ­ китапшалар (брошюралар) баспадан шығарған К.Худайбергенов, Қ.Байния­зов, Ж.Нарымбетов ҳәм көлемли мақалалар жәриялаған академик Ж.Базарбаев, Қ.Камалов, Қ.Байниязов, Ж.Есенов, П.Нуржанов ҳәм басқалардың мийнетлериндеги сыншы-академик М.Нурмухамедовтың илим менен әдебий сын, өмирдеги келбетин тәсиршеңлик пенен толық сәўлелендирген. Оларға тән ортақ типик болған унамлы үлгилилер сонда, бул мийнеттиң өзинше ишки композициялық эстетикасы менен академикке көпшиликтиң ықлас-итибарын бурынғыдан да күшейтиў поэтикасы арқалы өзинше индивидуал формалары менен де айрықша пафосқа толы түрде дөретилип жәрияланғаны қунлы. Усындай сыпатта Қонысбай Камаловтың «Әдебияттаныў илиминиң көр­некли ўәкили» (Қ.Камалов «Кәрўан басы», Нөкис, l983), Қ.Байниязовтың «Академиктиң ураны» («Совет Қарақалпақстаны», 6-январь, l990), «Академиктиң өмир жолы» («Жеткиншек» газетасы, l989-жыл 22-апрель), Ж.Нарымбетовтың «Академик М.К.Нурмухамедов» (Нөкис, l993, рус тилинде) деген мийнетлериниң өзине тәнлиги, пикирлеў усылларының көп түрлилиги, айырымларында публицистиканың күши менен кең оқыўшылар жәми­йетшилигин өзине қарата алыўы, базы биреўлеринде мақалаға авторлық ишки кеширмелерди көркем шығарма сыяқлы композициялық түрде шеберлик пенен синтезлеп жибериўи арқалы эмоционаллық тәсиршеңликке ерисиўи, илимий әдебий таллаўларының анық ҳәм сарраслығы М.Нурмухамедовтың илим ҳәм өмирдеги жар­қын келбетине ықласты айқынластырып сәўлелендириўге мүмкиншиликлер ашқан. Мысалы, Қонысбай Камалов аталған мақаласында былай жазады! «…Москвадағы М.Горький атындағы жәҳән әдебиятын илимий изертлеў институтында Ж.Нарымбетовтың кандидатлық диссертациясын жақлаў мәжилиси болып атыр. Диссертанттың биринши рәсмий оппоненти, филология илимлериниң докторы, Өзбекстан Илимлер Академиясының хабаршы-ағзасы М.К.Нурмухамедов сөзге шықты. Ол өз баянаты менен диссертация туўралы сөйлей баслағаннан-ақ сол Қәнигелестирилген Илимий Кеңес ағзалары, жәҳән әдебиятлары бойынша ири-ири қәнигелер Б.Сучков, Самарин, Эльсберг, М.Пархоменко, Х.Г.Короглы, З.Кедрина, З.Османова сыяқлы атақлы алымлар бир-бирине жым-жыртлық пенен ымласып түсинисип, Марат ағаның сөзлерин қунт пенен тыңлап, оған таңланып отырғанларын сездик. Мәжилис тар­қағаннан кейин сол илимпаз әдебиятшылардың бири Марат ағаның қолын қысып турып, узақ гүрриңлескениниң гүўасы болдық. Соңынан мениң па­йыма З.Кедринаны үйине шекем узатып салыў тапсырылғанда оған жол бойы машина ишинде:

­ Зоя Сергеевна, мәжилисте Марат ағаға белгили әдебиятшылар таңланып қатнас жасады-ғой!! – дедим.

­ Дурыс. Олар орта азиялылардан усындай дәрежеде рус тили менен әдебиятын, Европа мәдениятын жақсы меңгерген бул жигитке таңланып қарағаны орынлы, – деди. Мен және де:

­ Орта азиялылардан Мухтар Әўезов та рус тилин жақсы билген-ғой, – дедим.

­ Бирақ, Мухтар Омарханович рус тилинде сөйлегенде азы-кем фонетикалық акцентлер жиберетуғын еди. Ал, Марат Көптилеўович мүлтиксиз, акцентсиз ҳалда русша сөйлегенине атақлы илимпазлар қуўанып атырғаны-ғой! – деди ол. (Қ.Камалов. Кәрўан басы. Нөкис. l983).

Ҳақыйқатында М.К.Нурмухамедовтың рус тили менен әдебиятын, Европа мәдениятын жақсы өзлестиргени оның пүткил өмири менен дөретиўшилик өзиншеликлерине мисли қуяш нуры киби унамлы тәсир жасады дегенимиз дурыслыққа келеди.

Академик сыншы М.Нурмухаме­довқа айрықша ықлас билдирген илимпазлар арасында Қ.Байниязов «Академиктиң ураны» деген мақаласында бурынғы қәлиплескен қурғақ акаде­мия­лық, публицистикалық баянлаўлардан тысқары мынадай прологти оған композициялық формада шебер енгизгенF «Шорша» қойымшылығына зыярат еткен адам М.Нурмухамедовтың қәбирине орнатылған естеликке алтын жалатылған ҳәриплер менен қуйылған мынадай сөзлерди оқыйды: «Мениң еле соғып үлгермеген гербиме «ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ» ҳәм «ӘДАЛАТЛЫҚ» сөзлери жазылған»… Аўа, бул сөзлер оның тийкарғы ураны болып, еки жүзли адамларды жаман көретуғын еди және илим менен әдебиятты аңсат дүнья табыў, илимий дәреже ҳәм атақлар алыў ушын пайдаланбақшы болған инсанларға шешиўши түрде қарсы турды.

Бул лирико-публицистикалық композициялық усыл, ишки кеширме Қ.Байниязовтың мийнетиниң лейтмотиви ҳәм пикирлеў шеберлигиниң гилти. Ол усы сыяқлы гейпара компози­циялық поэтикалық усыл-формаларды басқа да мийнетлеринде, және бир «Академиктиң өмир жолы» деген кишкенелерге арналған мақалада пайдаланып, жас өспиримлердиң академикке болған ықласын оятыўға мүмкиншиликлер ашқан. Булар арқалы ол илимий-әдебий сыншылық мийнет дөретиўде эстетикалық тәсирлиликке ерискен.

Көркем әдебиятымызда академик сыншының келбетин жаратқан шайыр-жазыўшылардан И.Юсупов, Ш.Сейтов, Х.Дәўлетназаров ҳәм басқалардың лирикалық шығармалары менен К.Мәмбетовтың «Ҳүждан» романында сыншы-академиктиң прототипинен дөретилген Мурат Мухамедовичтиң образы, ҳәтте, сыртқы келбетин сызып бериўдеги қуйып қойғандай оның дәл өзи сыпатындағы портретлик сүўретлеўлер бүгинги, заманлас жас әўладлардың М.К.Нурмухамедовқа ықластың айқын ҳәм табыслы жемислери қатарына жатады. Академик-сыншыға арналған бундай итибар менен өзгеше ҳүрмет көринислери еле даўам етип жарыққа шыға беретуғынлығы сөзсиз.

Жанызақ ЕСЕНОВ,

филология илимлериниң кандидаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги