Өткен 2019-оқыў жылынан барлық студентлерге 400 мың сумлық стипендия берилетуғыны ҳаққында қарар қабыл етилген еди ҳәм бир семестр усы қарарға әмел етилди. Бирақ бул система студентлер арасында додалаўларға себеп болды.

Кейин ала қарар жойбар тәризинде қайта жәмийетшиликке жәрияланды. Бирақ стипендия системасында өзгерис болмады. Кеше, 9-январь күни Депутат Расул Кушербаев жеке бетинде стипендия төлеў тәртиби бурынғы системаға өтиўи мүмкин екенлигин мәлим етти.

Онда айтылыўынша, Кушербаев Бас министрдиң орынбасары А.Абдуҳакимов пенен студентлерге стипендия тайынлаў бойынша ҳүкимет қарарының жойбарын додалаған.

Сәўбетте көпшилик студентлердиң мүрәжатларын инабатқа алған ҳалда билдирилген усыныслар да жойбарда сәўлеленип, усы қарар қабыл етилиўи менен үлгили, белсенди, бес баҳаға оқып атырғанлар, бурынғыдай жоқары, төртке оқыйтығунлар болса өз аты менен төртлик, үш баҳаға оқыйтуғынлар  болса үшлик стипендия алыўы күтилип атырғанлығы мәлим етилген.

«Әпиўайы етип айтқанда ҳәр ким өзиниң умтылыўы ҳәм излениўине қарап стипендия алады. Жойбарда және бир қатар жақсы жаңалықлар бар. Жақсысы тез күнлерде қабыл етилгеннен соң билип аламыз. Несип етсе ҳүжжет тез күнлерде қабыл етиледи».

ӨзА