Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-январь күни Мәмлекетлик бюджет параметрлерин орынлаў ҳәм аймақларда исбилерменликти раўажландырыў бойынша усы жылғы тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Алдынғы сырт ел тәжирийбеси ҳәм сыналған әмелият тийкарында мәмлекетимизде миллий салық системасы жаратылды. Салықлардың саны ҳәм ставкалары оптималластырылды. Қосымша қун салығының ставкасы 20 проценттен 15 процентке шекем азайтылды. Буның нәтийжесинде өткен жылы исбилерменлердиң ықтыярында жәми 2 триллион сум қаржы қалды.

2020-жыл 1-январьдан жаңа редакциядағы Салық кодекси әмелиятқа енгизилди. Бул реформалардан тийкарғы мақсет быйылғы ҳәм келеси жылларда экономикалық турақлылықты тәмийинлеў болып есапланады.

Мәжилисте буның ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм сол арқалы бюджет түсимлерин турақлы арттырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Бирден-бир жолымыз – исбилерменлердиң санын көбейтиў, адамларды исбилермен етиў! Ҳәр бир ҳәким бюджетке қосымша дәраматларды тәмийинлеў ушын өзи излениўи, исбилерменге шараят жаратып, бизнес ўәкиллери менен ийинлес болып ислеўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

 

 

Орынлардағы басшылардың ески жумыс усылы, энергия ресурсларынан пайдаланыўы ҳәм төлеми бойынша есап-санақ жүргизиўи, исбилерменлерди қыйнап атырған мәселелерге қатнас жасаўы сынға алынды. Өткен жылы Мырза Улығбек, Ғузор ҳәм Мубәрек районларында жумыс ислемей атырған исбилерменлердиң саны артқаны атап өтилди.

– Бир исбилермен өз жумысын тоқтатса да, оған «айрықша жағдай» сыпатында қаралыўы керек, – деп атап өтти Президент. – Экономикалық турақлылықтың тийкары бәсекиге шыдамлы исбилерменлерди көбейтиў болып есапланады.

Мәжилисте усы жылдың биринши шерегинде бюджетте салық түсимлерин тәмийинлеў ушын ҳәкимлердиң басшылығында, олардың экономикалық мәселелер бойынша биринши орынбасарлары, қаржы ҳәм салық уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп берилди.

Бәринен бурын, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў ҳәм жумысын тоқтатқан кәрханаларды тиклеўге жәрдемлесиў керек екенлиги атап өтилди. Бул ушын электр, газ, жол, суўға байланыслы инфраструктураны жақсылаў, тазаларын қурыў зәрүр. Сол себепли ҳәкимиятлар тәрепинен артығы менен орынланған дәраматлар, биринши гезекте, аймақларда бар инфраструктураны жақсылаўға бағдарланыўы белгиленди.

Сондай-ақ, таяр инфраструктурасы бар киши санаат зоналарының 263 гектар майданы ҳәм 50 мыңнан аслам объектлеринен нәтийжели пайдаланылса, көплеген жаңа қуўатлықлар шөлкемлестириў мүмкин. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Экономика ҳәм санаат министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте усы бағдарда мәнзилли бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир район кесиминде ресурс салығын төлеўшилерди ҳәм олардың объектлерин есапқа алыў, жумыс орынлары ҳәм исбилерменлердиң жумысын легалластырыў бойынша да тапсырмалар берди.

Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланыў ушын қарыздарлықты қысқартыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Ташкент, Сырдәрья, Самарқанд, Наўайы ўәлаятлары ҳәм басқа да жерлерде дебитор қарыздарлық көбейгени, автомобильлерге газ қуйыў шақапшаларында үлкен муғдарда талан-таражлықлар анықланып атырғаны атап өтилди. Бул энегрия ислеп шығаратуғын кәрханалардың финанслық жағдайына унамсыз тәсир етиўи менен бирге, аймақлардағы исбилерменлердиң электр ҳәм тәбийғый газ тәмийинатында үзилислерге себеп болмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бундай жағдайларға шек қойып, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден қарыздарлықты қысқартыў, халық ҳәм исбилерменлерди усы дәреклер менен үзликсиз тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бизге белгили, Наўайы ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатлары, «Өзбекнефтьгаз», «Өзтрансгаз», «Өзқурылысматериаллары», «Өзхимиясанаат» сыяқлы ири кәрхана ҳәм шөлкемлердиң бюджет көрсеткишлерине сезилерли тәсир көрсетеди. Ендигиден былай олардан түсимлер жақында дүзилген Ири салық төлеўшилер менен ислесиў инспекциясы тәрепинен еркин тәризде жыйналады.

Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм мәсләҳәтшилерине өз комплекслери қурамындағы кәрханаларда өндирис көрсеткишлерин ҳәр айда додалап барыў бойынша көрсетпе берилди.

Бюджетке түсимлерди арттырыўда және бир әҳмийетли бағдар – мәмлекетлик активлер. Өткен жылы мәмлекеттиң қатнасыўындағы кәрханалар тәрепинен бюджетке жәми 1,6 триллион сум дивиденд төленген.

Сол себепли жуўапкерлерге мәмлекетлик мүлк объектлерин, соның ишинде, май ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханаларды меншиклестириў, ири салық төлеўши субъектлер бойынша дивиденд төлеў муғдары ҳәм дәўирлигин белгилеў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте берилген тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ушын ўәлаят ҳәкимлериниң экономикалық мәселелер бойынша биринши орынбасарлары қаржы, салық, бажыхана, банк ҳәм экономикалық комплекс қурамындағы басқа да шөлкемлер менен биргеликте исбилерменлерге мүнәсип шараят жаратыў ҳәм бюджет дәраматларын арттырыў бойынша турақлы ислесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Видеоселекторда және бир әҳмийетли мәселе – жаңа Салық кодексин турмысқа толық енгизиў мәселеси де ҳәр тәреплеме додаланды.

 

 

Бизге белгили, өткен жылы салық системасындағы өзгерислердиң мазмун-мәнисин халық ҳәм исбилерменлерге терең түсиндириў бойынша Жумысшы топар дүзилген еди. Оның аймақлық структуралары тәрепинен бул бағдарда мәнзилли жумыслар алып барылды.

Усы жылы 1-январьдан мәмлекетимиздиң салық системасында 120 дан аслам жаңа қағыйдалар әмелиятқа киргизилди. Бул қағыйдалардың дурыс қолланылыўы, халықтың ҳуқық ҳәм мәплериниң тәмийинлениўи ушын өзгерислерден ҳәмме хабардар болыўы керек.

Сол себепли ўәлаятлар, район ҳәм қалалар ҳәкимлериниң басшылығында экономикалық комплекс уйымларының хызметкерлерин ҳәм исбилерменлерди оқытыўды шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Кодекстиң мазмун-мәнисин түсинген жағдайда ғана оның сапалы орынланыўын тәмийинлеўге имканият болады. Буннан тысқары, ҳүжжетте  нәзерде тутылған қағыйдаларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде барлық районларда дөгерек сәўбетлери, семинарлар ҳәм басқа да үгит-нәсиятлаў илажларын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсиятлаў бойынша медиа реже ислеп шығып, биринши шерек даўамында ҳәммеге жеткериў бойынша көрсетпелер берилди.

Жаңа кодексте салық уйымларына да көплеген ўазыйпалар жүкленген. Оларды сапалы әмелге асырыў ушын салық хызметкерлериниң билим ҳәм дәрежесин кескин арттырыў, исбилерменлерге мүнәсибетин түп-тийкарынан өзгертиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Бизнес-омбудсманға халықаралық тәжирийбе тийкарында, исбилерменлер менен додалаған ҳалда салық тексериўлерин өткериў тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте қурылысты қаржыландырыў мәселесине де тоқтап өтти. Қаржыландырыў дәреги анық болмаған объектлерде қурылысты баслаў ҳәм жойбарлаў-смета ҳүжжетлерисиз қурылысты қаржыландырыў қадаған етилетуғыны атап өтилди.

– Бүгинги тапсырмалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў экономикалық комплекстен үлкен жуўапкершилик талап етеди. Сол себепли усы жылы ҳүкимет ҳәм аймақлар ушын «экономикалық комплексти мобилизациялаў жылы» болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Видеоселекторда тараў ҳәм тармақлардың басшылары, ҳәкимлер белгиленген прогноз режелерин орынлаў, исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша есап берди.

ӨзА