Бүгин, 8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлериниң күни мүнәсибети менен Бас прокуратурада байрам илажы болып өтти. Онда Бас прокуратура, Әскерий прокуратура, Бас прокуратура жанындағы Департамент ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросының хызметкерлери қатнасты. Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев системада жумыс алып барып атырған хызметкерлерди байрам менен қутлықлады.

Соны айрықша атап өтиў керек, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тийкар салған раўажланыўымыздың жаңа басқышында жәмийетте әдилликти орнатыў, нызамшылықты беккемлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша кең көлемли ҳәм мисли көрилмеген реформалар әмелге асырылмақта, – деди Н. Йўлдошев. – Президентимиз 2016-жыл 19-декабрь күни прокуратура хызметкерлери ушын әҳмийетли тарийхый сәнеге тийкар салды. Яғный 8-январды – Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымлары хызметкерлериниң күни деп белгилеў ҳаққындағы нызамға қол қойды. Прокуратура уйымлары тәрепинен жәмийетте нызамшылықты беккемлеў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, улыўма айтқанда, барлық бағдарларда салмақлы жумыслар исленип ҳәм әҳмийетли нәтийжелерге ерисилип атырғанын атап өтиў керек. Прокуратура уйымларын халық прокуратурасына айландырыў, бәринен бурын, системада ашық-айдынлықты толық тәмийинлеў ҳәм тек ғана халықтың мәпи жолында аямай хызмет етемиз.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта прокурорлық қадағалаў жумысы айыпкерлерди таўып жазалаўға емес, ал системалы машқала ҳәм кемшиликлерди анықлап сапластырыўға бағдарланып атырғанлығы мәлим етилди.

Илажда Бас прокурордың буйрығына бола пидайы ҳәм ҳадал мийнети менен жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм нызамшылықты тәмийинлеўге өзиниң мүнәсип үлеслерин қосып киятырған және хызмет ўазыйпаларын үлгили орынлап атырған бир қатар хызметкерлер сыйлықланды.

 

 

ӨзА