Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўлар ашық-айдын ҳәм шөлкемлескенлик пенен өткерили.

Сайлаўлардың нәтийжеси бойынша ӨзЛиДеПтен Олий Мажлис Нызамшылық палатасына 3, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 19, район (қала)лық Кеңеслерге 140 талабан депутатлыққа сайланды.

 

Бахытбай Алламуратов, 6-санлы Шымбай сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына сайланған депутат:

– Ҳақыйқаттан да, быйылғы сайлаўлар өткен сайлаўлардан пүткиллей өзгеше өтти. Кескин сиясий гүрес майданынан да өтип алдық. Бирақ, бул аңсат болмады. Усы сайлаўларда талабанлардың сиясий және ҳуқықый жақтан дәрежесине қарап таңлап алынғанлығы, олардың ҳәр бир тараўда белсенди екенлиги көзге тасланды.

Сайлаўшылар менен шетки аўылларда ушырасыўлар өткергенимде ол жерлерде де олардың сиясий жақтан көз-қарасының жоқары екенлигин көрдим.

Бул мениң дәслепки мәрте депутат болып сайланыўым. Бирақ бизиң алдымызға кейинги бес жыллықта үлкен жуўапкершилик ҳәм халыққа берген ўәделеримизди орынлаў ўазыйпасы турыпты. Олардың исенимин ақлаўымыз ушын көбирек қуры ўәде емес, ал әмелий жумысларымыз бенен көриниўимиз керек, деп ойлайман.

Депутатлық бул мәртебе ямаса жеңиллик емес, ал халыққа жақын жәрдемши болып, оларды ойландырып жүрген мәселелерди терең үйренип, шешимин табыўда белсендилик көрсететуғын халық ўәкили болып есапланады. Бизиң ўазыйпамыз болса халықшыл, әдалатлы болып халқымызға берген ўәделерди орынлап исенимин ақлаў ҳәм шын кеўилден хызмет етиў болып табылады.

 

Сағындық Турманов, 49-санлы Қоңырат сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сайланған депутат:

– Ашығын айтқанда, быйылғы сайлаўлар ашық-айдын түрде өтти. Итибарлы тәрепи быйылғы сайлаўшылар кешеги сайлаўшылар емес. Олардың пикирлеў қәбилети, сиясий санасы өзгерди. Өзлери мүнәсип деп билген, исенген депутатларына даўыс берди. Сайлаўшылар көбирек қағаздағы қуры ўәделерге емес, ал әмелий нәтийжелерге исенеди.

Себеби, бүгингидей жәмийетшиликтиң қадағалаўы күшейип, FХҚ ҳәм халық тәрепинен жәмийетимиздиң барлық тараўлары сын көзқараста талқыланып, бақлап барылып атырған бир дәўирде биз депутатлар жуўапкершиликти терең сезинип халықтың исенимин ақлаўымыз ҳәм шын кеўилден хызмет етиўимиз тийис. Себеби исеним бул үлкен нәрсе.

Сайлаўшылар маған екинши мәрте исеним билдирген екен, усы исенимди ақлаўым керек.

 

Тамара Юсупова, 14-санлы Пахтакор сайлаў округинен Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңеси депутатлығына сайланған депутат:

– Биринши мәрте өзим жасайтуғын Әмиўдәрья районында депутатлыққа усынылдым. Дәслепки сайлаўалды ушырасыўларымнан алған тәсирлерим үлкен.

Себеби, халықтың санасы, пуқаралық позициясы өзгерген. Буны сайлаўшылардың берген сораўларынан да билиўге болады. Депутатты ең алды менен халық ўәкили болып, мәмлекет ҳәм халық арасындағы көпир ўазыйпасын орынлаўшы пидайы инсан деп билемен.

Халық маған исенген екен, мен усы исенимди ақлаўым керек. Партияның сайлаўалды бағдарламасында жумыссызлыққа, әсиресе, жаслар арасындағы жумыссызлыққа орын жоқ, деп есаплайды.

Биз «Исбилерменлик – халық бәнтлигиниң гиреўи!» деп билемиз ҳәм жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў тәрепдарымыз. Бул ушын өзим жеке исбилермен сыпатында халықты, әсиресе, жумыссыз үйинде отырған ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыў, оларды исбилерменликке оқытыў, сол арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге өзимниң бар күш-ғайратымды жумсайман.