Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 7-сентябрьдеги ҳәм 2014-жыл 29-майдағы «Саламатлық – 3» жойбарына байланыслы қабыл еткен қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар республикамыздағы халыққа медициналық хызмет көрсетиў жумысларын жақсылап, өзиниң унамлы нәтийжелерин көрсетпекте.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша қала ҳәм районлардағы усы жойбарға киргизилген орайлық емлеўханалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникалар, Нөкис қаласындағы шаңарақлық поликлиникалар, Республикалық көп тармақлы медициналық орай, 2020-жыл 1-январьға улыўма баҳасы 9,3 миллион АҚШ долларына тең болған заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

– Бул мәкемелер 27 данадан дигитайзер ҳәм рентген диагностикалық аппараты, 31 данадан ультрасесли тексериў аппараты ҳәм дефибриллятор, 90 дана автоклав, 16 данадан авторефрактометр,  гастрофиброскоп ҳәм щелевая лампа, 106 дана ЭКГ, 75 дана монитор, 120 дана пульсоксиметр менен тәмийинленди,-дейди «Саламатлық – 3» жойбарының директоры Т.Рузметова. – Сондай-ақ, оларға 70 дана центрифуга, 68 данадан сухожаровой стерилизатор ҳәм стоматологиялық үскенелердиң комплекти,  56 дана дистиллятор, 140 дана шприцли насос, 324 компьютер алып берилди.

Усы медициналық мәкемелерге 17 данадан шкаф, кольпоскоп, эхо ЭЭГ ҳәм ЭЭГ, велоэргометр, дезокамера, кольпосоп, биохимиялық анализатор, 3 түрдеги 168 дана медициналық музлатқыш, 513 дана офтальмоскоп-отоскоп топламы,  60 дана кислородлы концентратор, улыўма әмелият шыпакерлери ҳәм мийирбийкелер ушын медициналық әсбаплар менен толтырылған 303 дана сумка алып берилди. Және 6 дана  Япония мәмлекетинде ислеп шығарылған “Nissan Urvan NV 350” Ambulance-реанимобили, сондай-ақ, тәрезилер, бой өлшегишлер, хирургиялық ҳәм гинекологиялық әсбаплар, бир мәрте пайдаланыў ушын арналған буйымлар (компакт диск, термографиялық плёнкалар ҳ.т.б) менен тәмийинленди.

Нөкис қалалық медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиника ҳәм шаңарақлық поликлиникалар 89 дана ” HP ProDesk 400 G3 Business Small Form Factor PC” моделиндеги персонал компьютерлер,  Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардағы медицина бирлеспелериниң Аmbulance-реанимобил автомашиналары дефибриллятор мониторы, медициналық распиратор, ЭКГ портативли электрокардиограф ҳәм басқа да медициналық әсбаплар топламы менен толық тәмийинленди.

Алып келинген барлық медициналық әсбап-үскенелер орынларға толық тарқатылып, бүгинги күнде халыққа медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм диагноз қойыў жумысларында мақсетли жумсалмақта.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.