Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў сапасын ҳәм нәтийжелигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў министри Шерзод ШЕРМАТОВ системага байланыслы жаңалықлар хаққында ӨзАның хабаршысына төмендегилерди айтып берди.

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң халқымызға жаңа жыл қутлықлаўында 2020-жылда ҳәм перзентлеримизге мүнәсип билим ҳәм тәрбия бериў, олардың қәбилетлерин әмелге асырыўға күш ҳәм имканиятларымызды сарыплаўға айрықша итибар қаратылған.

Ҳақыйқаттан да, системадағы реформаларды енгизиў быйылғы жылда да избе-из даўам еттириледи. Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен оқыў жумысларының сапасын арттырыў мақсетинде бир қатар әмелий илажлар режелестирилген. Соның ишинде, 2020-жылда улыўма орта билимлендириў мектеплери биринши классларына 640 мыңға шамалас баланы қабыллаў ушын тийисли илажлар көриледи. 2020-2021-оқыў жылына шекем улыўма орта билимлендириў мектеплерине заманагөй дизайн ҳәм оқытыўшылар ушын қолайлықларға ийе болған 239 594 класс журналы ҳәм басқа мектеп ҳүжжетлерин жеткериў белгиленген.

2019-2020-оқыў жылы жуўмағында улыўма орта билимлендириў мектеплериниң 488 мың 879 9-класс питкериўшисине улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы гуўалықнама ҳәм 451 мың 690 11-класс питкериўшисине улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестат ҳәм қәбилетли питкериўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәмде оларды  хошаметлеў мақсетинде алтын ҳәм гүмис медальлар бериледи.

Халық билимлендириў тараўы менеджери – басқарыўшы көнликпелерин қәлиплестириў таяныш курсларында  үш мың улыўма билимлендириў мәкемелери директоры оқытылады. 2020-жыл Инвестиция бағдарламасы шеңберинде 352 объектте 1,58  триллион сум қаржылар есабынан әмелге асырылатуғын жумыслар нәтийжесинде 177 мың 874  оқыўшы орынлы мектеплердиң  материаллық-техникалық базасын жақсылаў режелестирилген.

Педагогикалық әмелияты ҳәм шеберлиги жетерли болған, мектептиң турмысы менен таныс, балалар психологиясын өзлестирген, бәсекиге шыдамлы, жумысқа кирген күннен баслап сабақ өтиўге уқыплы болған педагог кадрларды таярлаў әҳмийетли болып есапланады. Усы мақсетте Халық билимлендириў министрлиги жанында халықаралық талапларға жуўап беретуғын Халықаралық педагогикалық университетин шөлкемлестириў үстинде жумыс алып барылады. Бул бағдарда Уллы Британия, АҚШ ҳәм Қубла Кореядағы абырайлы университетлердиң аккредитациясын алыў ушын олар менен бирге ислесиў жолға қойылмақта.

Педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў регионлық орайлары ҳәм Абдулла Авлоний атындағы халық билимлендириў системасы басшы ҳәм қәниге хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў институты жумысы сын көзқараста үйренилип, жаңадан шөлкемлестириў илажларын ислеп шығыў көзде тутылмақта. Тараўда басшы кадарлар ҳәм қәнигелерди жумысқа алыў тәртибин толық қайта көрип шығыў ҳәм олардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў көрсеткишлерин енгизиўге айрықша итибар қаратылды.

Халық билимендириў мәкемелеринде миллий билимлендириў сапасын баҳалаў системасын енгизиў мақсетинде Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң сапасын баҳалаў орайы шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Педагоглардың кәсиплик компетенциялары дәрежесин анықлаўшы миллий стандарт ҳәм бирден-бир баҳалаў системасын ислеп шығыў бойынша қәнигелер жумыс алып барады.

2020-жылда улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм муғаллимлерин тесттен өткериў ҳәм кәсиплик лицензияны бериў тәртибин енгизиў бойынша жумыслар даўам еттириледи. Улыўма билимлендириў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери оқыўшылары ушын ҳәр шеректе онлайн олимпиадалар шөлкемлестириў, қәбилетли оқыўшыларға электрон тәризде ҳәр айда тереңлестирилген тест, жазба жумыслар ушын мәселелер жеткерип бериў, олимпиадалар ҳәм қатнасыўшылар бойынша мағлыўматларды электрон тәризде жүргизиўди көзде тутыўшы мәлимлеме системасы olympiad.uzedu.uz иске түсириледи. Усы система арқалы қәбилетли оқыўшыларға 5 пән бойынша (математика, химия, биология, физика ҳәм информатика) өткерилетуғын онлайн олимпиадада қатнасып өз күшлерин сынап көриў имканияты жаратылады.

Оқыўшылардың қызығыўшылығын инабатқа алған ҳалда оларды кейинги билим басқышына нәтийжели таярлаў мақсетинде вариатив оқыў режелер ислеп шығарыў режелестирилген. АҚШ халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) гранты есабында басланғыш класс оқыўшыларының оқыў саўатлылығы (EGRA) ҳәм математикалық саўатлылығын (EGMA) баҳалаў әмелге асырылады.

Барлық инглис тили оқыўшыларының тил билиў режеси баҳаланады ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша илажлар көриледи (English Speaking Naiton жойбары); мәлимлеме технологияларын оқытыў бойынша бағдарламалар ҳәмде оқыў қолланбалары жетилистириледи (IT Nation жойбары). Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаят орайларындағы улыўма билимлендириў мәкемелеринде «Электрон күнделик» мәлимлеме системасы енгизиледи ҳәм басқышпа-басқыш қағаз көринисиндеги класс журналлары ҳәмде күнделиклерден бас тартыў бойынша норматив ҳуқықый база жаратылады. Бул жойбарды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырыў режелестирилген.

gis.uzedu.uz  порталы арқалы барлық мектеплер ҳаққында толық мағлыўмат алыў (мектептиң картада қай жерде жайласқанлығын, оқыўшылар саны, сыйымлылығы ҳәм тағы басқа) жолға қойылады ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге және ата-аналарға қосымша қолайлық жаратылады.

ish.uzedu.uz порталы арқалы барлық мектеплердеги ашық жумыс орынларын жәриялаў ҳәмде усы лаўазымларға электрон арза тапсырыў жолға қойылады.

Khan Academy O‘zbek жойбары арқалы болса математика ҳәм программаластырыў бойынша онлайн сабақлардың өзбек тилине аўдармасы әмелге асырылады ҳәм мектеплерде қосымша үйрениў енгизиледи. Online-maktab.uz жойбар жәрдеминде ең жақсы оқытыўшылардың сабақлары, сабақ исленбелери ғалабаластырылады ҳәм «Жыдың ең жақсы оқытыўшысы» таңлаўларын өткериў ушын да қосымша имканият жаратылады.

«Kitob.uz» жойбары жасларды китап оқыўға кеңирек тартыў ушын имканият жаратып ондағы электрон ҳәм аудиокитаплардың саны да кескин артады. Мектеплерди басқарыўды әпиўайыластырыў ҳәм мектеп муғаллимлериниң жумыстан ажыралмаған ҳалда қәнигелигин арттырыў ушын Жәҳән банкиниң гранты есабынан барлық районлар толық видеоконференция системасына жалғанып, системалы түрде тренинглер шөлкемлестириледи.

stat.uzedu.uz порталы арқалы Инвестиция, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» ҳәм басқа да бағдарламалар бойынша толық ҳәм исенимли мағлыўматларды алыў ушын  ҳәр бир ўәлаят ҳәм районлық бөлимлердиң мәлимлеме технологиялар тараўында маман қәнигелер менен тәмийинленеди. «EduMarket» интерактив виртуал билимлендириў платформасы иске қосылады ҳәм балалар ушын қолайлы, қызықлы интерактив усылда билим алыў және үйрениў процеси қолланылады. bam.uzedu.uz системасы барлық «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң қадағалаўы алып барылады, оларға оқыўшылардың қамтып алыныўы арттырылады.

Усы жылы Азия раўажланыў банки менен Сергели районында тәжирийбе сынаў тәризинде мектеплерди қурыў, оңлаў, үскенелеў ҳәм эксплуатациялаўды мәмлекетлик жеке меншик шериклик көринисинде әмелге асырыў бойынша жойбар ҳүжжетлериниң келисими режелестирилмекте. Барлық мектеплерде мәлимлеме технологияларын ҳәм «STEAM – билимлендириў» бағдарламасын енгизиў мақсетинде ислеп шығылып атырған жойбарының  дәслепки техникалық-экономикалық тийкарлары таярланып, сырт ел финанс институтларының қаржыларын тартыў илажлары нәзерде тутылып атыр.

Улыўма билим бериў мектеплерине пелдагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелереиниң питкериўшилерин жумысқа қабыл етиў арқалы улыўма орта билим бериў мектеплериндеги жоқары мағлыўматлы муғаллимлердиң саны 90 проценттен арттырылады. Муғаллимлерди заманагөй қәнигелик талаплары тийкарында сынақ (тест)тен өткериў ҳәм кәсиплик лицензия бериў тәртиби бойынша уйымлық ҳүжжет ислеп шығылады.

200 улыўма орта билим бериў мектебинде «Бәркамал әўлад» балалар мектеплериниң тармақ дөгереклерин шөлкемлестириў бойынша илажлар көриледи. 10 атамадағы  жаңа робототехника, мехатроника ҳәм инженерлик дөгереклерин шөлкемлестириў де режелестирилген. Жеке меншик сектордағы бар таярлаў курслары ушын пүткиллей жаңа эко-орталықты жаратыў мақсетинде Edu Park жойбарын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды нәзерде тутқанбыз.

Булардың ҳәммеси жас әўладқа пуқта билим бериў, оқыў ҳәм тәрбия жумысларының сапасын дәўир талабына сай жолға қойыў имканиятын беретуғыны, сөзсиз.

Н.УСМОНОВА

жазып алды