ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОРАЙЛЫҚ САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының 2020-жыл 5-январь күни 25 сайлаў округинде өткерилген қайта даўыс бериў нәтийжелери ҳаққындағы протоколлары ҳәм қарарларына тийкарланып ҳәм де Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 59, 73, 96, 97-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы

             ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына 25 сайлаў округлеринен қайта даўыс бериў нәтийжесинде сайланған депутатлар қосымшаға муўапық дизимге алынсын.
  2. Усы қарар Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм «Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталарында жәриялансын.

 

Өзбекстан Республикасы

Орайлық сайлаў

комиссиясының баслығы                                                      М.Абдусаломов.

 Ташкент қаласы,

2020-жыл 6-январь.

 

 Өзбекстан Республикасы Орайлық

сайлаў  комиссиясының 2020-жыл

6-январьдағы 1017-санлы қарарына

қосымша

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 25 сайлаў округинен 2020-жыл 5-январьда болып өткен қайта даўыс бериў нәтийжесинде сайланған депутатлар

ДИЗИМИ

Сайлаў округиниң аты Фамилиясы, исми, әкесиниң исми. Туўылған жылы ҳәм жери. Депутатты усыныс еткен сиясий партияның атамасы. Жумыс орны, лаўазымы.
1. 8-санлы «Ақмаңғыт». Сеитова Лейли Пулатовна. 1970-жыл, Нөкис қаласы. Өзбекстан Экологиялық партиясы. Нөкис районы қаржы бөлиминиң баслығы.