Алдын хабар етилгениндей, жақында туўылған күниниң 125 жыллығы елимизде ҳәм халықаралық көлемде кеңнен белгиленген уллы жазыўшымыз Абдулла Қадирийдиң «Өткен күнлер» романы биринши рет тиккелей өзбек тилинен инглис тилине аўдарылды ҳәм Америка Қурама Штатларында «Bygone days» атамасы менен китап етип басып шығарылды.

2019-жыл 27-декабрьде Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасында усы китаптың презентациясы болып өтти. Жаңа китаптың дәслепки нусқалары АҚШтағы мәмлекетлик шөлкемлер, жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм усы мәмлекетте аккредитациядан өткен дипломатиялық корпустың ўәкиллерине тарқатылды.

Ол АҚШтың ең ири китапханасы – Конгресс китапханасының каталогына киргизилди. Сондай-ақ, бул шығарма e-book формасында да басып шығарылған.

Белгили шығарманың аўдармасы америкалы белгили дилмаш ҳәм изертлеўши Марк Эдвард Риз тәрепинен әмелге асырылған.

Марк Эдвард Риз 1969-жылы АҚШтың Аризона штатында туўылған. Жорж Вашингтон атындағы университетти «Урал, Кавказ ҳәм Орайлық Азия халықлары әдебияты» қәнигелиги бойынша тамамлаған. 1994-1996-жылларда «Тынышлық корпусы»ның кеўилли ўәкили сыпатында Өзбекстанда ислеп, Қоқанд қаласындағы орта мектепте инглис тили пәнинен сабақ берген. Сондай-ақ, АҚШ Мәмлекетлик департаменти бирге ислесиў бағдарламасының Өзбекстан бойынша директоры болып ислеген.

Марк Риз 2017-жылы пайтахтымыздың Самарқанд дәрўаза мәҳәллесиндеги Абдулла Қадирий жасап дөретиўшилик еткен үйде болып, жазыўшының дөретиўшилик мийрасын терең үйренген.

Аўдармашы усы көлемли романды өзбек тилине аўдарыў ушын 15 жылдан аслам ўақыт жумсаған ҳәм 660 беттен ибарат шығарма америкалы оқыўшыларға түсиникли болыўы ушын оған 400 ден аслам түсиниклер жазған.

Ҳәзирги ўақытта роман оқыўшылар тәрепинен анықланатуғын «Бес жулдызлы» рейтингте жоқары баҳаға ийе болмақта.

Марк Риз Абдулла Қадирийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның дәўири ҳәм заманласлары, «Өткен күнлер» романындағы тулғалар ҳаққында мағлыўматлар бериўши theuzbekmodernist.com веб-сайтын да жаратқан.

Күни кеше Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына «Bygone days» китабы ҳәм Марк Эдвард Ризден хат келди. Төменде усы хаттың тексти жәрияланбақта.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Шавкат Мирзиёевқа

Уллы Мәртебели Президент Шавкат Мирзиёев!

Сизге 1994-1996-жылларда Тынышлық корпусының кеўилли хызметкери сыпатында Өзбекстанда, Қоқандта өз жумысымды баслғанымнан кейин жигирма бес жыл өтип хат жоллаў мениң ушын мақтаныш болып есапланады. Әпиўайы өзбек мектебинде муғаллим болып ислеген ўақтым мениң өмиримди шексиз дәрежеде байытқан саяхаттың басламасы болды ҳәм Сизге жолланып атырған усы хат мине усы саяхатты ҳәўиж алдырды.

Ҳақыйқатында да сондай, мен ҳәзирги ўақытта инглис тилине аўдарып жуўмақлаған Абдулла Қадирийдиң «Өткен күнлер» романы Орайлық Азия ҳәм жәҳән әдебиятында тәкирарланбас шығарма болып есапланады.

Абдулла Қадирийдиң өмири ҳәм дөретиўшилигин үйрениў мен ушын тек ғана оқыў шынығыўы ўазыйпасын атқарған жоқ. Шығарманың аўдармасы меннен үлкен күш талап еткениниң себеби сонда, жазыўшы романға тек ғана «персонажлар»ды емес, ал мениң турмыслық көзқарасларымды қәлиплестирген гүрриңди жазған.

Шығармадағы Атабек, Кумуш ямаса мен жақсы көретуғын Ҳасанали сыяқлы мәңги персонажлар атына ғана таллап өтилетуғын абстракт, ойлап табылған образлар емес. Усы белгили образлардың тымсалында мен пүткил профессиональ жумысым даўамында Ташкент, Қоқанд ҳәм Вашингтонда жасап, бирге ислеген инсанлардың келбетин көремен.

Усы тәризде мен он бес жыл даўамындағы жумыс процесинде тек ғана жазыўшының тилине тән нәзик тәреплерди емес, ал 1938-жылы оның репрессияға ушыраўы ҳәм өлимине себеп болған, шығармаларына жәмленген ҳақыйқый миллий руўхты аңлап жетиўге еристим.

1994-жылы өзбеклер, олар ушын буннан ҳеш қандай пайда болмаса да, мени өзиниң үйлеринде көп мәрте мийман етти. Тап өз туўысқанларындай көрип, Қоқандтағы Жомеъ мешитине биргеликте ибадат етиўге де алып барды. Олардың миллий романын инглис тилине аўдарыў арқалы мен де бул инсанларға мине усындай мүнәсип ҳүрмет-иззетти көрсетиўге миннетлимен.

Ҳәр қандай үлкен жумыс сыяқлы романның аўдармасы да үлкен жеке жуўапкершиликти талап етти. Мениң үмитим ҳәм исенимим сонда, қашанлардур улым бул китапты қолына алар екен, оның әкеси жер бетинде тек ғана мәниссиз жасап өтпегени, ал қандайда бир жумысты орынлап кеткенин аңлап жетеди. Сиз де әке сыпатында мине усындай сезимлерди басыңыздан өткересиз, деп исенемен.

Өткен ҳәптеде мәмлекетиңиздиң елшиси Жавлон Ваҳобов ҳәм Өзбекстан елшиханасының хызметкерлери тәрепинен кишкене хызметимниң жоқары дәрежеде тән алыныўы мийнет етиўимдеги әжайып мәўритлер болып қалатуғынын айрықша атап өтиўди кәлер едим.

Вашингтон қаласынан келген жүзден аслам мийманлардың қатнасыўында усы китабымның презентациясы мәресими болып өтти. Биз елши менен биргеликте Өзбекстан ҳаққында, әсиресе, оның мәңги көриниси ҳаққында көбирек билиўди қәлеген, мийманларға мәмлекетиңизди таныстырдық.  Мен өз шығып сөйлеген сөзимде Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы қатнасықлар тек ғана еки жыл даўамында жоқары дәрежеде алға илгерилегенин айрықша атап өттим. Бул реформалар Абдулла Қадирийдиң өмири даўам ететуғыны ҳәм оның арзыў-нийетлериниң әмелге асып атырғанынан дәрек беретуғынын исеним менен айтып өттим. Мине усы мәресимнен соң мыңлаған адамлар социаллық тармақларда унамлы пикирлер билдирди, презентацияда қатнасқанлар өзбек әдебияты ҳаққында және де көбирек билиў ушын мениң менен байланысты.

Сол нәрсе белгили, сизлер бәршеңиз бүгинги дүньямыз ушын үлкен әҳмийетке ийе болған актуал турмыслық жумыста қатнаспақтасыз ҳәм мен исенемен, Өзбекстан Республикасы усы ис-ҳәрекетлерди күшейтиў, әсиресе, келешекте Абдулла Қадирийдиң басқа да шығармаларын аўдарыў, өзбек тилинен дилмашларды таярлаў, Өзбекстанның мақсетлерин әмелге асырыўға  хызмет ететуғын стратегиялық жойбаларда шын кеўилден жәрдем көрсетеди, деп исенемен.

Сизиң атыңызға хат жазыў мен ушын үлкен мақтаныш болғаны ушын сөзимниң жуўмағында айтпақшыман: Рахмет. Сиз көрсеткен характер ҳәм жетекшилик потенциалынан мен таң қалдым.

Мен Өзбекстанды жақсы билемен, зайыбым ташкентли ҳәм өзимди бул елде турист деп есапламайман. Сизиң жақында Қоқанд ҳәм Марғуланға барып Абдулла Қадирийдиң музейин шөлкемлестиргениңиз, Сизиң өз реформаларыңызға үнлес тәризде «Өткен күнлер» романын еслеп айтқан пикирлериңиз мениң кеўлимде терең орын ийеледи. Бул маған реформалардың ҳәзирги басқышы – Абдулла Қадирийдиң дөретиўшилигине болған ҳүрметимниң ең жақсы дәўири екенин аңлап жетиў имканиятын берди. Бул мениң екинши Ўатаным менен байланысқан жумысымның жаңа жигирма бес жыллық бабының басланыўы болады, деп исенемен.

Ҳүрмет пенен,

Марк Эдвард Риз

2019-жыл 27-декабрь