2019-жылдың 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторлары Т.Төрениязов, Р.Қараев, К.Қличев, Т.Жийемуратов Қарақалпақстан Республикасы Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы менен биргеликте Мойнақ районында гезектеги рейд жумысларын өткерди. Бул ҳаққында комитет баспасөз хызмети хабар берди.

Рейд даўамында Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағында «УАЗ-469» маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 P 062 DA болған автомашинаны иркип, ишки салонын көзден өткергенде, ол жерде 2 дана жабайы шошқаның бар екенлигин анықлаған. Мәлим болыўынша пуқаралар С.С., Ғ.С., Қ.Б., Б.Н. ҳәм Б.Қ.лар «Қазақдәрья» АПЖ аймағындағы «Жалтырбас» көлинде нызамға қайшы түрде аңшылық етип, усы еки шошқаны атқан.

Бул пуқаралар Өзбекстан Республикасының «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм «Өзбекстан Республикасы аймағында аң ҳәм балық аўлаў қағыйдалары» талапларын турпайы түрде бузып, ҳайўанат дүньясына 6 690 000 сумлық зыян жеткерген.

Хабарда жазылыўынша, айғақлы зат ретинде алынған еки дана жабайы шошқа қайыр-сақаўат мақсетинде Нөкис қалалық медицина бирлеспесине тапсырылды.

Топланған ҳүжжетлер Мойнақ районлық Ҳәкимшилик ислери бойынша судына жиберилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.