Халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызметиниң хабарына бола, Өзбекстандағы орта мектеплердиң 10-11-классларында үшинши шеректен баслап пәнлер ықтыярый таңлаў тийкарында оқытыла басланады. Тәжирийбе сынақ 2019-2020-оқыў жылы ақырына шекем өткерилетуғыны нәзерде тутылған.
Жаңа система оқыўшыларға мектептиң өзинде жоқары билимлендириў мәкемесине кириў имтиханына таярланыўы ушын имканият жаратып, репетиторға талабын азайтады. Сондай-ақ, оқыўшылардың ўақты үнемленеди. Нәтийжеде ата-аналардың репетиторға жумсап атырған қаржысы үнемленип, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери ушын да жоқары оқыў орнына бийпул таярлық көриўге имканият жаратылады.
Министрлик таңлаў класын шөлкемлестириў ушын бес бағдар:
- Шет тили ҳәм филология бағдары, қаржы;
- Экономика бағдары;
- Технология бағдары;
- Тәбийғый пәнлер бағдары;
- Социал-гуманитарлық бағдар сыяқлыларды усынған.
«Вариативлик оқыў режелериниң енгизилиўи нәтийжесинде 10- ҳәм 11-класслардың оқыўшылары оқыйтуғын мәжбүрий пәнлердиң саны 15 тен 8 ге азаяды. Бул оқыў режесин тәжирийбе-сынақтан өткериў процесинде ана тили ҳәм әдебияты, өзбек тили/рус тили, шет тили, тарийх, математика, информатика, руўхыйлық тийкарлары (тәрбия), денетәрбия пәнлери мәжбүрий оқытылады. Бул мәжбүрий пәнлерге ажыратылған саатлардың муғдары таяныш оқыў режеде белгиленген муғдардан (10-класста жәми 19 сааттан, 11-класста 19,5 сааттан) аз болмаўы керек», делинеди министрликтиң хабарында.
ӨзА