Әзиз ўатанласлар!

Мине, усы қуўанышлы демлерде сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа жыл байрамы менен шын жүрегимнен қулықлайман! Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт тилеймен!

Өтип баратырған жыл мәмлекетимиз ушын умытылмас ўақыяларға бай болды. Түрли қыйыншылықлар ҳәм сынақларды да басымыздан өткердик.

Халқымыздың пидәкерлик мийнети менен «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда үлкен табысларға еристик. Мәмлекетимиздиң потенциалын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў жолында жаңа қәдемлер тасланды.

Экономикамыздың жетекши тараў ҳәм тармақлары жедел раўажланбақта. Жоқары технологияларға тийкарланған заманагөй кәрханалар, жаңа транспорт системалары иске қосылмақта.

Тәжирийбели дийқан ҳәм фермерлеримиз, қыйын ҳаўа-райы шараятына қарамастан мол өним жетистирди.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең жол ашылды.

Жыл даўамында аймақларда халық, әсиресе, жасларымыз, ҳаял-қызлар ушын көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында қала ҳәм аўылларымыздың, елимиздиң келбети пүткиллей өзгермекте.

2019-жылда мыңлаған ўатанласларымыз, соның ишинде, кем тәмийинленген шаңарақлар ықшам турақ жайларға ийе болды.

Илим, билимлендириў ҳәм тәрбия тараўында түпкиликли бурылыс дәўири басланды.

Жаңадан-жаңа бақшалар ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, жетекши сырт ел университетлериниң филиаллары, емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылмақта.

Ең әҳмийетлиси, адамларамыздың турмыс дәрежеси, Ўатан тәғдирин ойлаў сезими, ертеңги күнге исеними барған сайын күшеймекте.

Жәмийетимизде демократия принциплери, ашық-айдынлық ҳәм еркинлик орталығы терең қәлиплеспекте.

Күни кеше Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўлар буны айқын тастыйықлады. Сайлаўлар Өзбекстан демократиялық раўажланыў жолынан артқа қайтпаслығын және бир мәрте дәлилледи.

Ғәрезсизлигимиз, тыныш турмысымыздың кепили болған Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалы беккемленбекте.

Тынышлықты сүйиўши ҳәм әмелий сыртқы сиясат алып барып атырған мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебеси артып бармақта.

Қулласы, 2019-жыл жаңа Өзбекстан тарийхында ҳәр тәреплеме жарқын из қалдырмақта.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Биз миллий раўажланыўдың әҳмийетли басқышына қәдем қоймақтамыз.

2020-жылда да экономикалық ҳәм социаллық тараўларда кең көлемли реформаларымызды жедел даўам еттиремиз.

Жеке меншик мүлк, исбилерменлик ҳәм бизнес ушын және де қолайлы орталық жаратыўға, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўге айрықша әҳмийет қаратамыз. Мийнет ҳақы, пенсия, стипендия ҳәм напақаларды, халықтың реал дәраматларын көбейтиў дыққат-итибарымыздың орайында болады.

Адамларымыздың жасаў шараятын, коммунал-турмыслық хызмет сапасын жақсылаў, арзан ҳәм қолайлы турақ жайлар қурыў бойынша баслаған жумысларымызды және де кеңейтемиз.

Перзентлеримизге мүнәсип тәлим-тәрбия бериўге, олардың қәбилетин ҳәм талантын жүзеге шығарыўға бар күш және имканиятларымызды жумсаймыз.

Халықтың денсаўлығын беккемлеў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылған жумысларымыз жаңа басқышқа көтериледи.

Нураний ветеранларымыз, әзиз апа-қарындасларымызға итибар ҳәм ғамхорлықты және де күшейтемиз.

Социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж ўатанласларымызды бәрқулла қоллап-қуўатлаўға биринши дәрежели әҳмийет беремиз.

Тынышлық ҳәм турақлылықты, жәмийетимизде өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Бул бағдарда дүнья жәмийетшилиги, бәринен бурын, жақын қоңсыларымыз бенен нәтийжели бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме күшейтемиз.

Әзиз ўатанласларым, қәдирданларым!

2020-жыл ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир үйге қут-берекет, бахыт ҳәм әўмет алып келсин!

Барлық ийгиликли мақсетлеримиз әмелге ассын!

Жанажан Өзбекстанымыз гүллеп-жаснасын!

Жаңа жыл бәршемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти.