Усы жыл 30-декабрь күни республикамыз жасларының Арал теңизиниң қурыған ултанында жасыл тоғайзарлық пайда етиў жумысларына қатнасып атырған жумысшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басламасы менен келешегимиз болған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, экологиялық  шараятта жасап атырған халықтың турмыс шараятларын буннан былай да жақсылаў, теңиздиң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологиялары мектебинде жаслар менен ушырасыўда бүгинги күнде барлық тараўларда билимли, сиясий ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди, халықтың мәпин өзиниң жеке мәпинен үстин қоятуғын, ҳадал ҳәм пидайы жас басшыларға айрықша итибар қаратқан еди. Теңиздиң ески ултанында бул ушырасыўды шөлкемлестириўден мақсет – усы жумыслар менен жасларды жақыннан таныстырыў, солай етип, олардың туўылған жерге болған сүйиспеншилигин арттырыў, бундай ийгиликли ислерге белсендилигин арттырыў болып табылады.

Президентимиздиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында Аралбойын социаллық-экономикалық жақтан буннан былай да раўажландырыў, халқымыздың бахытлы және абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылатуғын жойбарлар менен бир қатар да 2019-2021-жылларда Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлерди егиў, солай етип, жасыл тоғайлар пайда етиў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Өткен мәўсимде 1 миллион 125 мың гектарға шамалас жер майданы таярланып, 500 мың гектарға сексеўил, қандим ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер егилген болса, быйылғы жылы 700 мың гектарға егиў режелестирилмекте.

Өз гезегинде жасларымыз шығып сөйлеп, өзлерине билдирилип атырған үлкен исенимди пидайы мийнетлери менен ақлайтуғынлығын, Арал теңизиниң қурып барыўы ақыбетинде жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў және теңиз ултанынан дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға белсене қатнасатуғынлығын билдирди.

Арал теңизиниң ески ултанында пидайылық мийнеттиң үлгисин көрсетип атырған бир топар жасларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан кейин жаслар өткен жылы егилген сексеўиллердиң өсип раўажланыў барысы менен танысты. Ҳәр қыйлы техникалар ҳәм самолётлар жәрдеминде егилип атырған жумыслардың тиккелей қатнасыўшысы болды.

Ушырасыў қатнасыўшыларына Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери атқарыўындағы қонцерт бағдарламасы қойып берилди.

Жаңа жыл байрамы алдында қыстың аязлы күнлеринде Аралдың қурыған ултанында мәртлик мийнеттиң үлгисин көрсетип атырған жумысшылар менен район жасларының ушырасыўы олардың ядында узақ сақланып қалатуғын илажлардың бири болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.