Нөкисте елимиздиң тынышлығы жолында қурбан болған әскерий хызметкерлердиң перзентлерине Президентимиздиң, Қорғаныў министрлиги ҳәм Арқа-батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы ҳәм әскерий бөлимлер басшыларының байрам саўғалары тапсырылды. Физикалық имканияты шекленген балалар да меҳир ҳәм итибардан шетте қалмады.

Саўғаларды Арқа-батыс әскерий округи әскерлериниң сәркардасы, полковник Дилшод Чориев, әскерий хызметкерлер ҳәм Қураллы Күшлердиң ветеранлары балалардың үйлерине барып, тапсырды.

Атап өтиў орынлы, Ўатанды қорғаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы кәсипти таңлап, мәмлекеттиң раўажланыўы жолында қурбан болған Ўатан қорғаўшыларының шаңарақ ағзаларына елимиз тәрепинен бәрқулла ғамқорлық көрсетип келинеди.

Бундай меҳирге толы, саўаплы илаждан кеўиллери таўдай көтерилген балалар миннетдаршылықларын қосық қатарлары арқалы билдирди. Олардың аналары Президентимизге, Қорғаныў министрлиги басшыларына ҳәм округ әскерлери сәркардалығына миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.