Нөкистеги «Mega Nukus» кеўилашар саўда комплекси алдында жаңа жыл байрамына арналған халық сейили көтериңкилик руўхында болып өтпекте.

Комплекстиң әтирапында бир неше күнлерден берли орнатылған  жаңа жыл шыршасын тамашалаўға, перзентлерин сейилге алып келген пайтахтымыз турғынлары ҳәм мийманлар менен толы. Шырша әтирапында балалардың шадлыққа толы күлкилери, ата-аналардың жүзинде сәўлеленген тыныш заманымызға шүкиршилик сезимлери, жаслардың жүреклеринде толып-тасып турған күш-ғайраты, қулласы, жаңа жыл байрамы кейпияты қанат қақпақта.

Әлўан реңдеги шарлар, желбиреген ленталар, шыршадағы рәңбәрең ойыншықлар байрамға және де  сән бағышлайды. Жаңа жылды байрамлаў ҳәр жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик академиялық музыкалы драма театрының алдында, орайлық майданда ҳәм «Mega Nukus» кеўилашар саўда комплексинде салтанатлы безелген шыршаларсыз өтпейди. Быйыл олардың қатарынан «korzinka.uz» саўда орайының алдында бой тиклеген шырша да орын алды. Бул орынларда кеўилашар бағдарламалар өткерилип, жергиликли эстрада жулдызлары қатнасыўындағы концертлер, Аяз баба ҳәм басқа да ертек қаҳарманлары кейпиятыңызды көтереди.

– Бүгин халық сейилине перзентим менен келдим, -дейди Нөкис қаласы «Қутлы мәкан» пуқаралар жыйыны турғыны Г.Арзымбетова. – Өзим кеўилашар илажларда қатнасып, балам аттракционларда ушып, жақсы дем алдық. Халқымызды кирип киятырған жаңа жыл менен шын жүрегимнен қутлықлайман.

  Қарақалпақстан хабар агентлиги.