Бүгинги «Жаңа жыл» кирип келетуғын күн – ҳәр бир инсан ушын қуўанышлы, умытылмас күн. Ҳәмме усы күни өткен жылдағы жетискенликлеринен қуўанады, қәте-кемшилигин еслеп, ендиги жылға табысларға жеткеретуғын жыл сыпатында үлкен үмит пенен қарайды.

Және бир айта кететуғын нәрсе – «Жаңа жыл байрамы» ҳәр бир адам, әсиресе, бизлер ушын дастурхан әтирапында туўған-туўысқанлар менен  жыйналып, кеўил көтерип, бир-биреўге жақсы тилеклер билдиретуғын күн.

Әсиресе, бул күн жас балалар ушын үлкен қуўаныш алып келеди. Себеби, олар арша айланып қосық айтады. Оларға Аяз баба ҳәм басқалар саўға береди. Ата-аналары менен сейилге шығып, сүўретке түседи.

Мине он күннен берли Нөкис қаласының Орайлық майданында орнатылған жасыл аршаның әтирапы республикамыздың ҳәр тәрепинен келген адамлар менен толы. Олардың көпшилиги балаларының жаңа жыл демалысын кеўилли өткериў ушын алып келген ата-аналар.

– Мен Нөкис районындағы Қырантаў АПЖда тураман,-дейди Әбдиқайрат Исмайлов. – Келиншегим менен бирге өзимниң ҳәм инилеримниң балаларын жаңа жыл алдынан Нөкиске алып келдим. Аяз баба, қар қыз ҳәм басқа да ертек қаҳарманлары менен бирге арша алдында сүўретке түстик. Балалар усы жерде қурылған аттракционларда ойнап қуўанып атыр. Енди «Орайлық дийқан базары»ндағы ярмаркаға бармақшымыз.

Быйыл көпшилик ушын табыслар алып келген жақсы жыл болды деп ойлайман. Ендиги жылы елимиз еле де раўажланып, ҳәр бир шаңараққа бахыт алып келеди, деген тилектемиз.

Жаңа жыл сейили республикамыздың барлық орынларында көтериңки руўхта болып өтпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.