Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти ­ Елбасы Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Рахмон ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетлер жетекшилери кирип келген Жаңа ­ 2020-жыл мүнәсибети менен бир-бирлерин шын кеўилден қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери ҳәм 20l9-жылда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бағдарында пикир алысылды, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў перспективалары талқыланды.

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти ­ Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен болған сөйлесиўде жуўмақланып атырған жылда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли нәтийжелерге ерисилгенлиги атап өтилди.

Өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы артпақта, санаат ҳәм транспорт тараўларындағы кооперация кеңеймекте, аймақлар аралық ҳәм гуманитар байланыслар жеделлести. Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде илажлар табыслы өткерилди.

Усы жылдың ноябрь айында Ташкент қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўының табыслы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков пенен сөйлесиўде 20l9-жыл мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли басқыш болғаны атап өтилди. Өз-ара байланыслар жеделлести, саўда көрсеткишлери еки есеге артты, санаат ҳәм транспорт тараўларында кооперация жойбарлары алға қойылмақта, аймақлар арасындағы ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңеймекте.

Президентлер Ташкент қаласында өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўы жуўмақларын жоқары баҳалады. Өзбекстан­Қырғызстан бирге ислесиўиниң перспективалары ҳәм 2020-жылға мөлшерленген еки тәреплеме илажлар режеси де көрип шығылды.

Түркменстан Президенти Гурбангулы Бердимуҳамедов пенен сөйлесиўде усы жыл ноябрь айында Түркменстан басшысының Өзбекстанға сапары ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Ташкентте өткен екинши Мәсләҳәт ушырасыўының табыслы нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик руўхындағы қатнасықлар беккемленгенлиги, экспорт-импорт әмелиятларының көлеми артқаны, энергетика, аўыл хожалығы, санаат ҳәм транспорт тараўларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылып атырғанлығы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли нәтийжелери сыпатында атап өтилди. Мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Рахмон менен телефон арқалы сөйлесиўде усы жыл көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланыслары және де раўажланған ҳәм беккемленген дәўир сыпатында еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында қалатуғыны атап өтилди.

Ҳүкиметлер, парламентлер ҳәм аймақлар, атап айтқанда, Ташкент ҳәм Душанбе қалалары арасындағы байланыс кеңеймекте. Өз-ара саўда көлеми салмақлы дәрежеде артпақта, экономика тармақларында кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта, мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленбекте.

Усы жыл ноябрь айында пайтахтымызда өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши Мәсләҳәт ушырасыўының нәтийжелери айрықша әҳмийетке ийе екенлиги өз алдына атап өтилди.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым- Жомарт Тоқаев пенен болған сөйлесиўде усы жыл жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўде айрықша тарийхый дәўир болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бунда Қазақстан Президентиниң усы жыл апрель айында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары айрықша әҳмийетке ийе болды.

Түрли дәрежедеги еки тәреплеме байланыслар жеделлескенлиги, парламентлер ҳәм аймақлар аралық бирге ислесиў раўажланып атырғаны, саўда көлеминиң артқаны, машина қурылысы, транспорт ҳәм логистика тараўларында кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылып атырғаны,  Өзбекстанда Қазақстан жылы шеңберинде мәдений-гуманитарлық байланыслар кеңейгенлиги атап өтилди.

 

*         *        *

 

Сөйлесиўлер пайытында мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысты. Болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси де додаланды.

Мәмлекетлер жетекшилери туўысқан мәмлекетлеримиз халықларына Жаңа ­  2020-жылда тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеп, жақсы тилеклер билдирди.

ӨзА.