Пайтахтымыздағы «Түркстан» сарайында болған илажда Меҳрибанлық үйлери, «SOS ­ балалар мәҳәллеси», шаңарақлық балалар үйлери, Мүриўбет үйлериниң тәрбияланыўшылары, мәҳәллелердеги ата-ана меҳиринен айырылған ул-қызлар, Ишки ислер, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия сыяқлы уйымлардың елимиз тынышлығы ҳәм турақлылығы жолында қайтыс болған хызметкерлериниң перзентлери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президенти атынан инам етилетуғын көплеген оқыў әнжамлары, шийринлик ҳәм ойыншықлардан ибарат болған жәми 11 мың дана саўға кишкенелер ушын таярланды.

­ Усы күнлерде елимиздиң барлық аймақларында «Президент аршасы» илажлары көтериңки руўхта болып өтпекте, ­ деди Өзбекстан Республикасы халық билимлендириўи министриниң орынбасары Дилшад Кенжаев. ­ Бул илажларға көбирек социаллық қорғаўға мүтәж балалар қамтып алынды. Жуўмақланып атырған 2019-жылда балаларды социаллық қорғаўға үлкен итибар қаратылды. Буған Президентимиздиң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары беккем тийкар болды.

… «Түркстан» сарайы фойесинде гөззал жасыл арша түрли ойыншықлар, жылтырақлар менен безелген. Аяз баба, Қар қызы, түрли ертек қаҳарманлары, цирк ҳәм эстрада өнери шеберлериниң атқарыўындағы бағдарлама көтериңки кейпият бағышламақта.

­ Мен өткен жылы да «Президент аршасы»нда қатнасқан едим, ­ деди «SOS ­ балалар мәҳәллеси» тәрбияланыўшысы, 12 жасар Нилуфар Камалова. ­ Жаңа жыл байрамына жақсылап таярлық көрдик. Тақмақлар ядлап, жаңа қосық ҳәм аяқ ойынлар үйрендик. Бундай байрамда қатнасыўды ҳәмме балалар әрман етеди.

Бес жасар Ваня Гочковский 23-Меҳрибанлық үйинде тәрбияланады. Кишкене денесиндеги жасырын қәстеликти балаларша шоқлық, ашық кеўиллик, пәкизе қәлби менен жеңип келмекте.

­ Арша байрамы маған жүдә унайды, ­ деди Ваня алақанына толтырып алған конфетти ғышырлатып. ­ Аяз баба да, Қар қызы да, қосық пенен ойынлардың барлығы жүдә зор! «Президент аршасы» оғада әжайып байрам екен!

Байрам қатнасыўшылары залға мирәт етиледи. Бири қоянша, басқасы қар пәршеси, және кимдур қарбала кийиминде сапланған кишкенелер айқулақ реңли шарлар, түрли реңге кириўши ойыншықларды услаған ҳалда өз орынларын ийелейди. «Тамаша» балалар дөретиўшилик студиясы тәрепинен таярланған «Биз таратқан нур!» атлы музыкалы спектакль қызықлы сахналық көринислер, видеокөринислер, мульфильмлерден үзиндилер, қуўнақ роликлерден қуралған. Ол ҳәр бир тамашагөйди балалықтың гөззал демлерине қайтаратуғынына гүман жоқ. Тәбиятты, ана-Ўатанды қәстерлеп сақлаўға, кишкенелерди қорғаў, үлкенлерге ҳүрметте болыўға, мудамы тәртипли болыў ҳәм айрықша оқыўға, китап пенен досласыўға шақырыўшы тамаша бәршеге мақул болды.

Илаж жуўмағында балажанлар «Президент аршасы» қосығын биргеликте жырлады. Оларға мәмлекетимиз басшысының Жаңа жыл байрамы саўғалары тапсырылды. Кишкенелерге аталған байрам жүдә заўықлы өтти.

Бундай байрам салтанатлары мәмлекетимиздиң барлық аймақларында даўам етпекте.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзА хабаршысы.