Бүгинги күнде 2019-жылдың 15-декабринен 2020-жылдың 15-январь сәнесине шекем «Ўатансүйиўшилик – миллий раўажланыўдың кепили» сүрени астында ўатансүйиўшилик айлығы мүнәсибети менен бир қанша руўхый-ағартыўшылық ҳәм мәдений илажлар өткерилмекте.

Усындай илажлардың бири Арқа-батыс әскерий округи Нөкис гарнизонының әскерий бөлимлеринде Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси ҳәм Нөкис қалалық Қорғаныў ислери бөлими менен биргеликте өткерилди. Қала ҳәм районлардан келген 500 ге шамалас жаслар әскерий бөлимлердиң жумысы, әскерлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Оқыўшылар оқыў имаратларындағы китапханаға, интернет, инглиc тили, физика-математика, артиллерия, әскерий топография, инженерлик-тактикалық таярлық, мергенлерди, пулемётшыларды, гранатамётшылар ҳәм танкшилерди таярлаўға арналған ханаларға, панорамалы тренажёр ҳәм жаслар аўқамының басланғыш шөлкеми ханасына, Нөкис гарнизонының миниполигонына саяхат етти.

Әскер-шабандозлардың атлар менен көрсеткен көргизбели шынығыўлары да оқыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

– Кеше бизиң мектебимизде әскерлер менен ушырасыў болып өткен еди, – дейди Нөкистеги 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Нурсулыў Қарсыбаева. – Енди бизлер әскерий бөлимде миймандамыз. Қураллы Күшлер қатарында хызмет етип атырған әскерлер ушын жаратылған заманагөй шараятлардан көзим қуўанды. Әсиресе, китапханада ең сайланды шығармалардың топламлары барлығынан қуўандым. Әскердиң өмири биз ойлағандай, тек полигон, қурал, әскерий шынығыўлардан ибарат емес екенлигин көрдик. Келешекте мен де әскерий хызметкер болыўға қарар еттим.

Экскурсия шеңберинде «Ўатанның раўажланыўына үлес қосаман!» сүрени астында Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен мийнет ярмаркасы ҳәм «УМУ китоблар» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен китап саўдасы өткерилди.

– Әмиўдәрья районынан келип, Нөкис гарнизонында бир айлық әскерий хызметти өтеп атырман, -дейди Мобилизациялық шақырыў резервиниң әскерий хызметкери Сираж Ражабов. – Айдаўшылық гүўалығына ийемен. Ярмаркада Өрт қәўипсизлиги басқармасында шофёрларға бос жумыс орны бар екенлигин көрип, әскерий хызметтен соң усы жерге жумысқа киремен, деп нийет еттим. Келешекте мен де Ўатаныма мүнәсип хызмет етпекшимен.

«Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң ағзасы Фериде Базарбаеваның қурақ көрпешелери, өнерментшилик өнимлери жаслардың итибарынан тыс қалмады. Қарақалпақ миллий нағысларын тигиўге қызығатуғын қызларды бирлеспеде келеси жылдың январь айынан басланатуғын бийпул сабақларға мирәт етти.

Илажды өткериўден мақсет – жаслардың Ўатанға муҳаббатын және садықлығын беккемлеў, әскерий хызметке ҳәм Ўатан алдындағы перзентлик ўазыйпасын жоқары жуўапкершилик пенен орынлаўға болған талпынысын арттырыў, оларда Қураллы Күшлеримизге болған ҳүрметти және де күшейтиў, жасларды физикалық жақтан саламат, күшли, руўхый жетик, бәркамал инсан сыпатында қәлиплестириўге қаратылған бул саяхат қызықлы болды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы