Әзербайжанда 2006-жылдан берли баспадан шығарылатуғын «Тарийхый шахслар» журналы дәстүрий түрде дүнья мәмлекетлериниң басшылары, жәмийетлик ҳәм сиясий турмыстағы белгили шахслар арасынан «Жыл адамы»н анықлайды.

2017-жылы Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдўғон «Жыл адамы» етип сайланған еди. 2018-жылы усы номинация Россия Федерациясының Президенти В.В.Путинге берилген еди.

Редакция кеңесиниң бир даўыстан қабыл еткен қарарына бола, Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы байланысларды раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын, 2019-жыл Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёев «Жыл адамы» деп тән алынды.

Усы мүнәсибет пенен «Тарийхый шахслар» журналының гезектеги  арнаўлы саны Өзбекстан Президентине ҳәм Өзбекстанға бағышланып, орыс тилинде басылып шығарылады.

Әзербайжан Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы ҳәм Бакудағы Әзербайжан Ҳайдар Алиев атындағы мәденият орайының жәрдеминде таярланған «Тарийхый шахслар» журналының бул арнаўлы санын таныстырыў Ташкентте де болып өтиўи режелестирилген.

 

ӨзА