Усы жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине болып өткен сайлаўлардың нәтийжелери бойынша бир қатар халықаралық шөлкемлердиң миссиялары ҳәм сырт еллердиң мәмлекетлериниң делегациялары бақлаўшыларының дәслепки жуўмақларына байланыслы билдириўлери менен шықты.
Орайлық сайлаў комиссиясы Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, ЕҚБШның Парламент Ассамблеясы миссиясына, ШБШ, ҒМДА, Түркий тиллес мәмлекетлер менен бирге ислесиў Кеңесиниң миссияларына ҳәм бәрше халықаралық бақлаўшыларға Өзбекстан Республикасына сайлаўларды әдалатлы, ҳадал, ашық-айдын, улыўма тән алынған стандартлар ҳәм ең жақсы әмелиятлар, мәмлекетимиздиң сайлаўлар тараўындағы миннетлемелери бойынша өткериўде көрсеткен оғада үлкен жәрдеми ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиреди.
Өзбекстан Республикасындағы сайлаўларға биринши мәрте мисли көрилмеген дәрежеде көплеген халықаралық бақлаўшылар ҳәм сырт еллердиң бақлаўшылары, шет еллердиң ғалаба хабар қураллары ўәкиллери мирәт етилди. Сайлаўларда улыўма 50 ден аслам сырт мәмлекетлерден ҳәм 10 халықаралық шөлкемлерден 800 ден зият бақлаўшы, 130 дан аслам ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери мониторинг ҳәм жарытыў жумысларын алып барды.
Булардың барлығы Өзбекстан Республикасы сайлаўларды хақыйқый демократиялық принциплер тийкарында өткериўге, пуқаралардың өз ерк-ықрарын еркин билдириўи ушын барлық имканиятларды тәмийинлеўге қатаң әмел етип атырғанлығының дәлийли болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық бақлаўшыларға ҳәм сырт мәмлекетлердиң бақлаўшыларына Өзбекстанда демократиялық хуқықый мәмлекет ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин беккемлеў жолында әхмийетли басқыш болған парламент сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оны өткериўде мәмлекетимиз тәрепинен әмелге асырылып кең колемли жумысларды қалыс тән алғаны ушын терең миннетдаршылық билдиреди.
Сайлаўлардың Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2017-жылы басланған ҳәм Өзбекстанның экономикалық, социаллық ҳәм сиясий турмысын басқышпа-басқыш өзгертиў ҳәм жоқарлатыўға бағдарланған кең көлемли реформалар процесинде өткерилген ҳәм халықаралық бақлаўшылар миссияларын ҳәм делегацияларының билдириўлеринде ҳақылы түрде айрықша атап өтилген. Хәзирги ўаққытта «Олий Мажлиске «Жаңа Өзбекстан-жаңа сайлаўлар» сүрени менен болып өткен сайлаўлар артқа қайтпас характерди өз ишине алған модернизациялаў ҳәм демократиялластырыў процесслериндеги әҳмийетли басқыш екенлигин» ҳақылы түрде айрықша атап өткен. Орайлық сайлаў комиссиясының ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәмлекетимиз сайлаў нызамшылығын жаңалаў, сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасын енгизиў, сайлаў алды үгит-нәсиятлаў жаңа форматта шөлкемлестириў ҳәм өткериў, көп санлы халықаралық ҳәм жергиликли бақлаўшылардың, соның ишинде, сиясий партиялар ҳәм пуқаралардың өз-өзин басқарыў уйымлары бақлаўшыларының, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң сайлаўларда тосқынлықларсыз қатнасыўын тәмийинлеў, сайлаў процеси қатнасыўшыларының сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўинде билим ҳәм көникпелерин беккемлеў сыяқлы бағдарларда әмелге асырған жумысларына жоқары баҳа берилген.
Соның менен бирге, халықаралық бақлаўшылардың миссиялары ҳәм делегациялары тәрепинен сайлаў нызамшылығын ҳәм сайлаў әмелиятын және де жетилистириў, сайлаўларды хақыйқый демократиялық сайлаўлар бойынша халықаралық стандартлар ҳәм ең жақсы әмелиятлар тийкарында өткериў бойынша бир қатар усыныслар берилди.
Соның ишинде, ЕҚБШ Парламент Ассамблеясы ҳәм ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан хуқықлары бойынша бюросының сайлаўларды бақлаў бойынша халықаралық миссиясының дәслепки нәтийжелери ҳәм жуўмақларына байланыслы билдириўинде шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжетсиз даўыс бериў, «бир инсанның шаңарағы менен даўыс бериўи», даўысларды санап шығыўдағы айырым нызамбузыўшылықлар, хаял-қызлардың мәмлекеттиң сиясий ҳәм жәмийетлик турмысындағы қатнасы және де кеңейтиў зәрүрлиги, депутатлыққа ғарезсиз талабанлардың жоқлығы ҳәм пуқаралық жәмийети институтларына сайлаўларды бақлап барыў имканияты берилмегенлиги бойынша анықланған айырым жағдайлар да көрсетилип өтилген.
Орайлық сайлаў комиссиясы толық жуўапкершилик пенен мәлим етеди, халықаралық бақлаўшылардың жуўмақлары ҳәм усыныслары Өзбекстанда сайлаў нызамшылығын ҳәм әмелиятын және де жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған режели ҳәм избе-из жумыслардың тийкарынан орын алады, сондай-ақ Орайлық сайлаў комиссиясы усы тараўдағы барлық пайдалы тәреплер менен әмелий байланысты даўам еттириўге таяр.
Ҳәзирги ўақытта Орайлық сайлаў комиссиясы болып өткен сайлаўлардың нәтийжелерин, сондай-ақ, халықаралық ҳәм сырт ел бақлаўшыларының билдириўлерин сайлаў нызамшылығын және жетилистириў, билдирилген жуўмақлар ҳәм усынысларды әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар режесин ислеп шығыў ушын пуқта үйрениўге ҳәм оларды терең таллаўға киристи.
Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясы болып өткен сайлаўлардың жуўмағы бойынша пикир алысыў, ең әҳмийетли усынысларын ҳәм оларды әмелге асырыў жолларын көрип шығыў ушын 2020-жылдың екинши шерегинде миллий ҳәм халықаралық дәрежедеги барлық мәпдар шөлкемлердиң қатнасыўында халықаралық конференция өткериў хаққында қарар қабыл етти.
Нәтийжеде Орайлық сайлаў комиссиясы миллий нызамшылықты ҳәм нызамларды қолланыў әмелиятының бирден-бир мақсети – Өзбекстан Республикасы пуқараларының өз ерк-ықрарын еркин ҳәм шын мәнисинде билдириўин тәмийинлеўге қаратылған халықаралық сайлаў ҳуқықларын мўапықластырыўға байланыслы жумысларды даўам еттириўге өзиниң беккем таярлығын атап өтип, сайлаўлар тараўында шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен әмелий жумысларды және өз-ара пайдалы бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге үмит билдиреди.
Өзбекстан Республикасы
Орайлық сайлаў комиссиясы
ӨзА