Коррупция машқаласы ҳәм оған қарсы гүресиў мәселеси ҳәзирги дәўирдиң әҳмийетли ўазыйпаларының бири. Бул иллеттиң мәмлекет турмысында ен жайыўы оның раўажланыўына өзиниң кери тәсирин тийгизип халықтың мәмлекетке, лаўазымлы шахсларға деген исенимин жоғалтыўына алып келеди.

Коррупция, атап айтқанда, демократиялық процесслердиң әмелге асыўына тосқынлық етеди, экономикалық раўажланыўдың пәсейиўине, кадрлар сапасының төменлеўине, соның ақыбетинде барлық тараўлардың ақсаўына, жәмлескен жынаятшылықтың пайда болыўына, жәмийетлик-сиясий турақсызлыққа себепши болады.

Бүгинги илим ҳәм технологиялар әсиринде мәмлекеттиң раўажланыўы, демократиялық ҳуқықый жәмийет қурыў жолында елимизде алып барылып атырған реформалардың әмелге асыўында унамсыз тәсирин тийгизетуғын коррупция иллетин ҳәр қанша айтсақ та орынлы. Бул иллеттиң раўажланып ҳәўиж алып кетиўи бүгин басланған жоқ.

Уллы грек ойшылы Аристотельдиң айтыўынша «ҳәр қандай мәмлекетлик дүзилистиң ең әҳмийетлиси – бул Нызамлар ҳәм басқа қағыйдалар тийкарында лаўазымлы шахсларға дәрамат излеў, мәплениў имканиятын қалдырмаў» деп билдирген еди. Бул пикирдиң турмыста әмел етиўи ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар реформалардың алып барылыўы, елимиздеги барлық лаўазымлы шахсларға олардың турмыслық мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде айлық мийнет ҳақыларының арттырылыўы, олардың мийнетине сай хошаметлениўи мәмлекетлик хызметкерлердиң дәраматларын декларациялаў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша исленип атырған илажларды айтып өтсек орынлы.

Деген менен, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған илажлардың гейбир орынларда ақсап атырғанының гүўасы болмақтамыз.

Сондай-ақ, француз ойшылы Шарль Луи Монтескье «…әсирлер даўамындағы тәжирийбелерден белгили, лаўазымға ийе болған шахс оннан нызамсыз пайдаланыўға бейим ҳәм ол сол бағдардан өзи қәлеген нәтийжеге ериспегенше тоқтамайды» – деп билдирген. Демек, ҳәр қандай лаўазымлы шахс өзи ийелеп турған лаўазымынан нызамға қайшы түрде пайдаланып жәмийеттиң ҳәм сол тараўдың раўажланыўына кесент етеди. Мәмлекет тәрепинен исенип тапсырылған лаўазымға, мәмлекетке, жәмийетке қыянет етип, оған раўажландырыўды жетилистириўди белгилеп берген имканияттан басқа нийетлерде пайдаланып сол тараўдың гүллеп раўажланыўына тосқынлық етеди.

Коррупция көринислериниң себеп ҳәм шараятларын сапластырыў бойынша жаңаша илажлар ислеп шығылмақта.

Елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилип, олар тийкарында ҳәр бир тараўға белгилеп берилген ўазыйпалар әмелге асырылмақта. «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында» Президент пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен барлық мәмлекетлик уйымларға коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Мәмлекетлик уйымларда коррупцияға  қарсы гүресиў бойынша координаторлар шөлкемлестирилип олардың өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў, уйымлық илажларды әмелге асырыў бойынша ишки қадағалаў механизмин күшейтиў белгилеп берилди.

Белгиленген ўазыйпаларды орынлаўда кеңселик координаторлардың тек ғана мәмлекетлик уйымларды емес, ал жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм барлық мәмлекетлик тараўларды қамтып, ондағы лаўазымлы шахслардың мәплери соқлығысыўының алдын алыў тәртиплери көрсетилди.

Бул иллеттиң келип шығыў ҳәм раўажланыў факторларын қанша үйренип, оны тоқтатыў ҳәм сапластырыўды ең алды менен жәмийеттеги ҳәр бир инсан өзинен баслаўы керек. Ҳәр бир шахс өзиниң билими ҳәм келешекте жетик маман қәниге болып жетилисиўине тек ғана билим ҳәм мийнети менен ерисе алатуғынлығына исенип ҳәрекет етиўи лазым болады.

Коррупцияға қарсы гүресиўде мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын күшлерге дус келиўине қарамастан өзиниң мақсети ушын тынбай мийнет етип ҳәм өзиниң әтирапындағыларға үгит-нәсият ҳәм де түсиник жумысларын алып барса жәмийетимиздиң ҳәр бир шахсы коррупцияға қарсы гүрес алып барып атырғанлығынан дерек береди.

 

Гүлзиба Хожаметова,

Қарақалпақстан Республикасы

Әдиллик министрлиги қәнигеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.