Қоңырат районындағы «Мийнетабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў, соның ишинде, мәмлекетлик емес балалар бақшалары тармағын раўажландырыў, балалар бақшаларының қурылыс-оңлаў жумысларының сапасын жақсылаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, керекли азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жақсылаў, тәжирийбели педагог ҳәм арнаўлы қәнигелер менен тәмийинлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Бақша улыўма 140 балаға мөлшерленген болып, бул жерде тәрбияланыўшылар ушын барлық шараят жаратылған. Тәжирийбели педагоглар мийнет етип атырған жәмәәтте балалар күнине бес мәрте аўқатландырылады. Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын инглиз тили, гимнастика, таэквон-до, аяқ ойын дөгереклери шөлкемлестирилген.

Бул мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын район хожалық есабындағы «Бабур Кунград қурилиш» қурылыс кәрханасының қурылысшылары қурып питкерип, аймақ балаларына саўға етти. Бул жерде 2 миллиард 927 миллион сумлық қурылыс жумыслары орынланды.

Илаж қатнасыўшылары билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.