Елимизде ең тийкарғы сиясий ӯақыя Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 22-декабрь күни болып өткен сайлаўлар нызам талаплары тийкарында, жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өтти.

Бул әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя «Жаңа Өзбекстан-жаңа сайлаўлар» сүрени астында, пуқаралардың сиясий белсендилиги артқан шараятта ҳәм жаңа сайлаў нызамшылығына муўапық өткерилди. Қарақалпақстан Республикасында болып өткен сайлаӯларға 771 494 сайлаӯшы қатнасты. Бул улыӯма сайлаӯшылар санының    77,2 процентин қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына сайлаӯ өткериӯши 65 сайлаӯ округиниң 63 инде депутатлар сайланды, деп мәлим етеди Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы Баспасөз орайының Қарақалпақстан бөлими.

Соның ишинде;

-Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан 20,

-Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан 13,

-Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан 6,

-Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан 14,

-Өзбекстан экологиялық партиясынан 10 депутат сайланды. Қалған 2 округте қайта даӯыс бериӯ өткерилетуғынлығы мәлим болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутлығына сайланғанлардың 20 сын ҳаял-қызлар қурайды.

Сайлаӯ өткериӯши 2 округте талабанлардың бирде-биреўи жетерли даӯыс топлай алмағанлығы себепли, усы округлерден депутатлар сайланбады ҳәм оларда қайта даӯыс бериӯ нызамшылығымызға бола,2020-жыл 5-январь күни өткерилетуғынлығы мәлим болды. Қайта даӯыс бериӯде сайлаӯшылардың даӯысын басқа талабанға қарағанда көбирек даӯыс алған талабан сайланған деп есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаӯ жуӯмақлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаӯ комиссиясының қарары баспасөзде жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги