ЕҚБШ рәсмий веб-бетинде 23-декабрь күни ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының усы жылы 25-ноябрьден 25-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы парламентлик сайлаўларының бақлаўлары нәтийжелери ҳаққында жәрияланған дәслепки есабатының тийкарғы жуўмағы усыннан ибарат.
Есабатта атап өтилиўинше, сайлаўлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен 2017-жылдан Өзбекстанның экономикалық, социаллық ҳәм сиясий тараўларында өзгерислерди басқышпа-басқыш әмелге асырыўға қаратылған кең көлемли реформалары шеңберинде өткерилди. Соның менен бирге, «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында Олий Мажлиске өткерилген сайлаўлар модернизациялаў ҳәм демократияластырыў процесиндеги әҳмийетли басқыш болып, Өзбекстан басшысының сөзи менен айтқанда, артқа қайтарып болмайтуғын өзгешеликке ийе екени айрықша атап өтилген.
ЕҚБШ жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодексинде бурын ЕҚБШ ДИИҲБ тәрепинен берилген усыныслар бар болып, бул усыныслар сайлаўлардың ҳуқықый тийкарларын халықаралық стандарт ҳәм ЕҚБШ миннетлемелерине жақынластырғанын атап өтеди.
Орайлық сайлаў комиссиясының парламентлик сайлаўларды үлгили тәризде өткериў бойынша әмелге асырған салмақлы ҳәрекетлерине унамлы баҳа берилди. Есабатта Орайлық сайлаў комиссиясының сайлаўларды өз ўақтында ҳәм белгиленген тәртипте өткериўге әмел еткени айтылады. Сайлаўшылардың хабардарлығы ҳәм сайлаў комиссиясы ўәкиллериниң билимин арттырыў, майып шахсларға зәрүр шараятлар жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Жазаны өтеў мәкемелеринде еркинен айырылған, оғада аўыр болмаған жынаят ислегенликте айыпланған шахсларға даўыс бериў ҳуқықының берилгенлиги айрықша атап өтилди.
Көп мәрте даўыс бериўди сапластырыўшы ҳәм тең даўыс бериў ҳуқықын кепиллеўши сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими енгизилгенине үлкен жетискенлик сыпатында баҳа берилди.
ДИИҲБ есабатында сайлаўларда 1999-жылдан берли биринши рет ашық-айдынлық артқаны атап өтилди. ЕҚБШ экспертлериниң пикиринше, бул ҒХҚға сайлаў процесслерин кеңнен сәўлелендириў имканиятын берди. Буннан тысқары, әмелге асырылған реформалар пуқаралар ҳәм сиясий партиялар ушын ашық-айдын түрде айтқанда сиясий усыныслар менен шығыў ҳәм ҳүкиметке сын көзқарас пенен мүнәсибетте болыў имканиятын бергени ЕҚБШ тәрепинен жоқары баҳаланды.
Есабатта дебатлардың жанлы эфирде тез-тез өткерилгени ең әҳмийетли жаңалық сыпатында атап өтилген. Бийғәрез шолыўлардың әҳмийетли дәреги сыпатында көрилетуғын блогерлердиң тәсири артып атырғаны көрсетип өтилген. ЕҚБШ бақлаўшылары миллий азшылықтың ҳуқықлары бузылыў жағдайлары бақланбағанын атап өткен.
Сондай-ақ, биринши рет Сайлаў кодекси менен партиялардың бир ай мүддет даўамында өзиниң веб-сайтлары ҳәм ҒХҚда сайлаў кампаниясы шеңберинде финанслық қаржылардың жумсалыўы ҳаққындағы есабатларды жәриялаў бойынша миннетлеме ҳәм сайлаў нызамшылығының бузылыўын анықлайтуғын юридикалық қуралларды тәмийинлейтуғын ақылға уғрас ҳуқықый шегаралар белгилеп қойылғаны атап өтилген.
Айрықша атап өтилиўинше, сайлаўда 820 дан аслам халықаралық бақлаўшы ҳәм 135 сырт елли журналист қатнасқан және олар ушын сайлаў процесиниң барлық салаларына тең ҳәм иркинишсиз кириў имканияты жаратылған. ЕҚБШның ҳүжжетинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў системасындағы, сайлаў әмелиятындағы бир қатар унамлы өзгерислер де атап өтилген.
Соның менен бирге, ЕҚБШ миссиясының есабатында сайлаў нызамшылығы ҳәм сайлаў әмелиятын жетилистириўге қаратылған бир қатар усыныслар бар.
Жала жабыў, пуқаралардың абырайын кемситиў ҳәм жалған мағлыўмат тарқатыў ушын жынайый жазаларды бийкар етиў усыныс етиледи. Бул миссияның пикиринше, журналистлердиң жумысын ҳәм пикир еркинлиги ҳуқықын сезилерли дәрежеде шеклейди. Усы мүнәсибет пенен ЕҚБШ ДИИҲБ Президент Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине енди жала жабыў ҳәм кемситиўлер қамақ жазасы менен жазаланбаўы ушын нызамларға өзгерислер киргизиў бойынша тапсырма бергенин қоллап-қуўатлайды.
Буннан тысқары, ЕҚБШ ДИИҲБ миссиясының атап өтиўинше, депутатлыққа талабанлар ушын даўыс бериў күнине шекем мәмлекетте кеминде бес жыл жасаған болыўы керек екенлиги ҳаққында белгиленген талап ҳәм үлги сайлаў әмелиятына сәйкес келмейди.
Суд тәрепинен қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табылған шахсларға сайлаўда даўыс бериў ҳуқықын бериў, сондай-ақ, пуқараларға бийғәрез талабан сыпатында қатнасыў имканиятын көрип шығыў усыныс етиледи.
ЕҚБШ миссиясының пикиринше, ҳәзирги ўақытта ҳаял-қызлар мәмлекеттиң жәмийетлик ҳәм сиясий турмысында жетерли дәрежеде белсене қатнаспай атыр. Гендер теңлик кампанияның ең шекленген темасы еди ҳәм усы тема ғалаба хабар қуралларында додаланбады, керисинше, тийкарынан ер талабанларға итибар қаратылды. Соның менен бирге, ДИИҲБ миссиясы Орайлық сайлаў комиссиясында ҳаял-қызлардың саны 3 тен 7 ге шекем артқан, сайлаў уйымларында болса 49 процентке жеткенин атап өткен. Талабан сыпатында көрсетилген ҳаял-қызлардың саны 41 проценттен артқаны да айрықша атап өтилген.
ДИИҲБ миссиясы Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2019-жыл 22-июньдағы Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзинде ҳаял-қызлардың мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы орнын ҳәм ролин және де күшейтиў әҳмийетли екенлиги ҳаққындағы пикирин келтирип өткен.
Қалаберсе, миссия, даўыс бериў күни сайлаў участкаларында топар-топар болып даўыс бериў жағдайлары, сайлаўшыларды дизимге алыў ҳәм даўысларды санаў процесинде бақланған кемшиликлер ҳәм жуўмақлаўшы протоколларды толтырыўда қыйыншылықлар бақланғанын атап өткен. Сайлаў күни Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте сайлаў нызамшылығының бузылыў жағдайлары ушырағанын тән алды ҳәм ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша тийисли тексериўлер өткерилип атырғанын атап отиў керек.
Миссия өзиниң жуўмағында Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Сыртқы ислер министрлигине Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаўларды бақлаўға мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирген.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда болып өткен сайлаўларда биринши рет ЕҚБШ шөлкемине ағза болған 37 мәмлекеттен 316 кеңейтилген бақлаўшылар делегациясы, соның ишинде, ЕҚБШ ДИИҲБдан 271 ҳәм ЕҚБШ Парламент ассамблеясынан 45 бақлаўшы қатнасты.
Сондай-ақ, алдынғы есабатлардан айырмашылығы, бул есабатта ЕҚБШ Парламент ассамблеясы делегациясының бақлаў нәтийжелери де итибарға алынған.
ӨзА