«Life» сайтының РФ ИИМ аймақлық басқармасына тийкарланып хабар бериўинше, Волгоград ўәлаятында 56 өзбекстанлы жолаўшыны алып баратырған автобус «КамАЗ» бенен соқлығысқан, деп жазбақта «Xabar.uz».

– Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, екинши дәрежели жолдан шығып келген автобус басқарыўшысы тийкарғы жолдан ҳәрекетленип баратырған ярым прицепли «КамАЗ»ға жол бермеген, ақыбетинде соқлығысыў жүз берип, автобус жолдан шығып кеткен, – деп жазылған хабарда.

Атап өтилиўинше, автобустағы 56 жолаўшы өзбекстанлы болған. «РИА Новости»диң хабар бериўинше, жарақатланған 5 адам еслеўханаға жатқарылған.

Ҳәдийсе жүз берген орында арнаўлы хызметлер ЖТҲ себеплери ҳәм ақыбетлерин үйренбекте.

Сондай-ақ, өзбекстанлыларды жергиликли мектепке ўақытша орналастырыў мәселеси көрилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.