Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 4-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда район ҳәкими Ж.Ермашов, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдымов шығып сөйлеп, жас талант  ийелерин қоллап-қуўатлаў, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлерин материаллық хошаметлеў бағдарында әмелге асырылған жумысларға тоқтап өтти.

Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған мектепте 177 оқыўшы халық саз әсбаплары, миллий музыка атқарыўшылығы, миллий музыка қосықшылығы, сүўретлеў өнери, тарлы әсбаплар, эстрада қосықшылығы, академиялық қосық, хореография бөлимлеринде билим алмақта. Оларға 29 тәжирийбели устаз оқытыўшы көркем өнер сырларын үйретпекте.

Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жаңа имараты «Регионал индустриал инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди. Бул жумысларға 2 миллиард 464 миллион сумлық қаржы жумсалды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 19-март күни жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, денетәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 5 әҳмийетли баслама алға қойылған еди. Соннан биринши баслама жасларды музыка, сүўретлеў өнери, әдебият ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыўға, талантын жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Мектеп оқыўшылары республикалық ҳәм елимиз көлеминде өткерилип киятырған таңлаўларға белсене қатнасып келмекте. Соның менен бирге, райондағы түрли байрам салтанатларына өзлериниң концерт бағдарламалары менен қатнаспақта.

Илаж қатнасыўшылары жаңа мектепте оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Жас талант ийелериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеде айрықша тәсир қалдырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.