Нөкисте Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен бирге ислесиўши шөлкемлердиң ҳәм районлардағы ҳәкимият уйымларының денсаўлықты сақлаў тараўындағы потенциалын арттырыўға ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен шөлкемниң бирге ислесиўи бағдарындағы жаңа басламаларды режелестириўге бағышланған семинар-тренинг болып өтти.

Илажға БМШтың, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң ўәкиллери, районлық медицина бирлеспелериниң бас мийирбийкелери, пуқаралар жыйынларының ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелери, жоқары оқыў орынларының оқытыўшылары қатнасты.

Семинар-тренинг даўамында БМШтың Бирге ислесиў бағдарламасының баслығы Б.Палўаниязов шығып сөйлеп, шөлкем тәрепинен аймақта денсаўлықты сақлаў системасының потенциалын арттырыў, инфраструктурасын жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, БМШтың Ықтыярлылар бағдарламасы қәнигеси Г.Жапақова, Қарақалпақстан Республикасы Мийирбийкелер ассоциациясының баслығы Р.Мишенова ҳәм басқалардың республикамыздың 10 районында волонтёрларды таярлаў бағдарында исленген жумыслар, денсаўлықты сақлаў тараўында волонтёрлық жумысын алып барыўдың жетискенликлери ҳәм машқалалары, БМШ тың Аралбойы аймақлары ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарындағы Траст фонды ҳәм Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылатуғын келешекте жәмийетлик волонтёрларды тартқан ҳалда денсаўлықты сақлаў тараўында ислениўи режелестирилген илажлар ҳаққындағы баянатлары тыңланды.

Баянатларда атап өтилгениндей, 2012-жылдан берли пүткил республика бойынша халық арасынан ықтыярый түрде 4 мыңға шамалас волонтёр оқытылды. Соннан бүгинги күнде Қарақалпақстанның Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай, Хожели ҳәм Кегейли районларында 2 мың 81 жәмийетлик волонтёр жумыс алып бармақта. Олар бүгинги күнге шекем 125 мың 585 мәрте ушырасыў өткерип, 439 мыңға шамалас пуқараның медициналық саўатлылығын арттырыўға еристи.

БМШ тың Бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде 2017-жылы ҳәм быйыл респираторлы, жүрек-қан тамыр ҳәм асқазан-ишек кеселликлери, сондай-ақ, ана ҳәм бала саламатлығы бойынша халықтың билимин баҳалаў мақсетинде изертлеўлер өткерилди. Изертлеўлер усы еки жыл даўамында волонтёрлар тәрепинен әмелге асырылған профилактика жумысларының нәтийжесин көрсетип берди. Он районда жасайтуғын 14 жастан 55 жасқа шекемги халықтың бир проценти қатнасқан изертлеў нәтийжесине бола, халықтың жоқарыда аты аталған үш кеселлик бойынша саўатлылық дәрежеси 2017-жылға салыстырғанда анағурлым жоқарылағанын көрсетти. Изертлеў қатнасыўшыларының көпшилиги кеселлик анықланған биринши күннен-ақ аўыллық шыпакерлик пунктине хабарласатуғынын ямаса шыпакерди шақыратуғынлығын атап өткен.

Семинар-тренинг даўамында келеси жылдан баслап волонтёрлар өкпе, жүрек-қан тамыр ҳәм асқазан-ишек кеселликлери, ана ҳәм бала саламатлығынан тысқары жынысый жоллар арқалы жуғатуғын инфекциялар, саламат турмыс тәризи, санитария ҳәм гигиена бойынша да түсиник жумысларын алып баратуғыны атап өтилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.